Сыртқы ислер министрлигиниң хабар бериўинше, олардың сапары Аралбойы регионында 500 ге шамалас наўқасларға бийпул диагностика ҳәм емлеў хызметлерин көрсетиў, халықтың саламатлығын беккемлеў ҳәм медициналық жәрдемди кеңейтиў мақсетинде әмелге асырылмақта.
Бул инсаныйлық миссиясы пуқараларымызға сапалы ҳәм заманагөй медициналық хызметлерден пайдаланыў имканиятын жаратады. Барлық жумыслар жоқары шөлкемлестириўшилик ҳәм медициналық дәрежеде алып барылады.