Қазақстан Республикасында болып турған Өзбекстан парламенти делегациясы "Улыўма тарийхый-мәдений мийрас - бирге ислесиўдиң жаңа шеклери" атамасында Астана қаласында өткерилген Өзбекстан-Қазақстан илимий-дөретиўшилик зыялыларының биринши форумында қатнасты.
Мәмлекет басшылары - Президент Шавкат Мирзиёев ҳәм Президент Қасым-Жомарт Тоқаевтың сиясий ерк-ықрары ҳәм ҳәрекетлери себепли еки мәмлекет арасындағы дослық қатнасықлар, соның ишинде, гуманитарлық ҳәм мәдений байланыслар барған сайын беккемленип атырғаны атап өтилди.
Форумда уллы ойшыллар, шайыр ҳәм илимпазлар, философлардың мийрасын қәстерлеп сақлаў ҳәм үгит-нәсиятлаў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Атап айтқанда, Астана қаласында Әлийшер Наўайыға, Ташкентте болса Абай Қунанбаевқа естеликлер орнатылғаны, Өзбекстанда Абай туўылғанының 180 жыллығына бағышланған еслеў илажлары өткерилгени еки мәмлекет бирге ислесиўиниң айқын үлгиси сыпатында тилге алынды.
Сондай-ақ, илим ҳәм билимлендириў тараўындағы бирге ислесиўди раўажландырыў мәселеси де додаланды. Бүгинги күнге шекем Өзбекстан ҳәм Қазақстан жоқары билимлендириў мәкемелери арасында 280 нен аслам шәртнама ҳәм меморандумларға қол қойылғаны, қоспа билимлендириў бағдарламалары жолға қойылғаны атап өтилди. Билимлендириў күнлери ҳәм университет ярмаркалары өткерилип атырғаны, сондай-ақ, Өзбекстанда қазақ тилинде қәнигелер таярланып атырғаны ҳәм 400 ден аслам мектепте қазақ тили оқытылып атырғаны атап өтилди.
Өзбекстан парламенти мәдений ҳәм илимий бирге ислесиўге қаратылған қоспа басламаларды қоллап-қуўатлайтуғыны, бул бағдарда зәрүр нызамшылық ҳәм шөлкемлестириўшилик шараятлар жаратылатуғыны атап өтилди.
Форум шеңберинде қатнасыўшылар жаңа шараятларда мәдений туризм ҳәм креатив индустрияны раўажландырыў, жасларды жедел тартқан ҳалда фестиваллар, көргизбелер, кинофорумлар ҳәм басқа да гуманитар илажларды өткериў үлкен әҳмийетке ийе екенин атап өтти.
Усы тәризде форум Өзбекстан ҳәм Қазақстан арасында гуманитарлық байланысларды беккемлеў, жаңа жойбарларды додалаў ҳәм еки мәмлекет зыялылары арасында пикир алысыў ушын әҳмийетли минберге айланды.
Соның менен бирге, форум шеңберинде еки халықтың уллы шайырлары, художниклери ҳәм илимпазларының илимий ҳәм дөретиўшилик мийрасынан ибарат үлгилер көргизбеси де шөлкемлестирилди. Бул көргизбеде олардың шығармалары ҳәм илимий жумыслары кең жәмийетшиликтиң итибарына усынылды. Сондай-ақ, өзбек авторлары тәрепинен таярланған тарийхқа байланыслы китаплардың презентациясы да өткерилди, деп хабар береди Олий Мажлис Сенатының баспасөз хызмети.









