11 жасар китапқумар бул жасқа келип жәми 853 китап оқыған. Бул көрсеткиш қала мектеплери арасында дизимге алынған ең жоқары нәтийже болып есапланады, деп хабар берди пайтахт ҳәкимлигиниң рәсмий сайты.
Мектеп китапханасының баслығы Шапира Сәрсембековнаның сөзлерине бола, Алтынай қазақ, рус ҳәм инглис тиллеринде көркем ҳәм оқыў шығармаларын еркин оқыйды. Буннан тысқары, ол француз тилиндеги китапларды да турақлы оқып барады. Улыўма алғанда, жас китапқумар төрт тилде - қазақ, рус, инглис ҳәм француз тиллеринде китап оқый алады.
Алтынай мектеп китапханасындағы барлық китапларды толық оқып шықты. Буннан тысқары, оның үйинде өзиниң үлкен китапханасы бар. Ата-анасының жәрдеми менен ол Англиядан китапларға буйыртпа береди. Бул оның дүнья қарасын сезилерли дәрежеде кеңейтти ҳәм тил көнликпелерин раўажландырыўға үлес қосты.
Қәнигелердиң пикиринше, бундай жоқары көрсеткиш оқыўшының тил көнликпелерин байытып ғана қоймастан, ал пикирлеў қәбилети ҳәм оқыў жетискенликлерин раўажландырыўға да унамлы тәсир көрсетеди. Алтынай Отеубаеваның китап оқыўдағы табысы жас китапқумарлар ушын үлги бола алады, деп хабар берди oz.inform.kz.