баннер
14 Mar 2025
01:44

    Астана - Самарқанд жөнелисинде поезд қатнаўы жолға қойылыўы мүмкин

    Астана қаласында "Жолаўшы тасыў" ҳәм "Өзтемиржөлжолаўшы" АЖ арасында жолаўшы тасыўды раўажландырыў ҳәм еки мәмлекет арасындағы шерикликти беккемлеў мәселелери додаланды.

    Атап өтилиўинше, додалаўда туризм потенциалын раўажландырыўда әҳмийетли қәдем болатуғын жаңа халықаралық жөнелислер, соның ишинде, Астана-Самарқанд жөнелислерин ашыў имканиятлары да көрип шығылды.

    Мәмлекетимиздиң усынысы менен "Алмаата - Ташкент" жөнелисиндеги 1/2-санлы поезддың ҳәрекетлениў кестеси қайта көрип шығылып, жолаўшылар ушын кетиў ҳәм келиў ўақытлары және де қолайлы болды.

    Телеграм каналымыз
    Text to speech