Айырым медицина хызметкерлерине санаторияларға бийпул жоллама бериледи

    Социаллық турмыс 10 қараша 2025 324

    Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлерин қоллап-қуўатлаў илажлары ҳаққында"ғы қарары қабыл етилди.

    Қарарға муўапық, 2026-жыл 1-январьдан баслап мәмлекетлик медицина мәкемелериниң медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлерине төмендеги қосымша жеңилликлер бериледи:

    мәмлекетлик медицина мәкемелеринде кеминде 3 жыл жумыс стажына ийе болған хызметкерлерге Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан жылына бир мәрте бийпул жоқары технологиялы қәнигелестирилген медициналық жәрдем көрсетиў;

    мәмлекетлик медицина мәкемелеринде кеминде 15 жыл жумыс стажына ийе болған хызметкерлерге жылына бир мәрте республика аймағындағы санаторийлерге бийпул жоллама бериў;

    барлық түрдеги мәмлекетлик хызметлер ушын төлемлердиң муғдарын еки есеге азайтыў.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates