"Суўға түпирме, шығынды таслама, суў "көзин" тоспа" сыяқлы нәсиятлар арқалы оны сақлаў, үнемлеў, мақсетли пайдаланыўға шақырған. Әсиресе, жаплардың тазалығы, суўдың бир қәлипте ағып турыўына айрықша итибар қаратқан.

Бир ўақытлары суў күши жәрдеминде үлкен дигирман тасын айландырып, дәнди майдалаў уллы ойлап табыў сыпатында баҳаланған. Енди заманагөй гидрообъектлер қурыў, жасыл электр энергиясын алыў имканияты жаратылды. Мине, усы мақсетте каналлар, суў жоллары оңланып, бетонластырылып атыр. Буның есабынан салмалардағы суў ағысы тезлесип, киши ГЭСлер қурыў, электр энергиясын алыў усыллары ен жайды. Бул илаж артықша қаржы, жумысшы күши ҳәм жер асты байлықларысыз альтернатив энергия алыў имканиятын береди.

Президентимиз Әндижан ўәлаятына сапары шеңберинде бул әҳмийетли мәселеге айрықша итибар қаратып, избасканлы исбилермен тәрепинен иске қосылған, қуўатлылығы 3,2 мегаваттлы киши ГЭС жылына 8 миллион киловатт саат электр энергиясын берип атырғаны, бул район халқы тутыныўының 20 процентин қаплайтуғынын атап өтти. Бул бийкарға емес, әлбетте.

Үлгили жойбар ўәлаяттың суў ағымы жоқары болған салма ҳәм каналларында енгизилсе, 75 мегаватт қуўатлылыққа ийе киши ГЭСлер қурыў имканияты пайда болады. Быйыл Әндижан ўәлаятында қуўатлылығы 24 мегаваттлы, келеси жылы және 20 мегаваттлы жәми 763 киши ГЭС иске қосылыўы есабынан 38 мың шаңарақ үзликсиз электр менен тәмийинленип, ўәлаяттың электр импорты 10 процентке қысқарады.

Буннан 7-8 жыл бурын бундай перспективалы жойбарлар ҳаққында ойлаў, айтыў, пикир жүргизиў, ой жуўыртыў әрман еди. Бар ресурслар тек ғана егислик жерлерди суўғарыўға хызмет еткен. Енди бул бағдардағы көзқараслар, пикирлер өзгерди. Суў өзеклери альтернатив, арзан ҳәм сапалы электр энергиясы дереги сапасы халық хожалығы, халықтың мәпи жолында хызмет етип атырған әҳмийетли тармаққа айланды. Турмыслық реформалар адамлардың аўырын жеңил, узағын жақын етпекте.

Ферғана районының шетки аймағы болған Шоҳимардон аўылындағы Көксуў сайында 2,2 мегаваттлы ҳәм Жоқары Водил аўылында 430 киловаттлы киши ГЭС қурылып, жақын мәҳәллелердеги халықты үзликсиз электр энергиясы менен тәмийинлеп келмекте. ГЭС қурылысы аймақларға абатлық, адамлардың кеўлине нур алып кирди. Киши ГЭС жылына 13 миллион киловатт саат электр энергиясын ислеп шығарады. Нәтийжеде жылына 3,5 миллион куб метр тәбийғый газдиң жумсалыўының алды алынады.

Мағлыўматларға бола, өткен жылы Шоҳимардон аўылындағы 1100 пуқара ҳәм 43 көтере тутыныўшы тәрепинен 9,8 миллион киловатт саат электр энергиясы пайдаланылған. Тутыныўдан артқан жыллық 3,2 миллион киловатт саат электр энергиясы қоңсылас республикаға экспорт етилди.

- Киши ГЭС иске қосылғаны экономикалық нәтийже келтириў менен бирге, туристлик инфраструктуралардың раўажланыўына да хызмет етпекте, - дейди "Шоҳимардон" мәкан пуқаралар жыйыны баслығы Икромжон Абдухолиқов. - Буннан тысқары, жаңа жумыс орынлары ашылып, жаслардың бәнтлиги тәмийинленгени де бизди қуўандырады. Аўылымыздың қақ ортасынан өткен суў әсирлер даўамында шуўлап ағып турған. Бирақ оннан мақсетли пайдаланыў, электр энергиясын алыў, адамлардың пайдасына жумсаў ушын ҳеш қандай жойбар әмелге асырылмаған. Енди ҳәммеси пүткиллей басқаша. Суўдан нәтийжели пайдаланыў, басламаларды қоллап-қуўатлаў бағдарындағы басламалар аўылымызға жаңа өмир, көтериңкилик алып келди. Аўылымызда енди свет өшпейди.

Жоқары Водил мәҳәллесиндеги киши ГЭСте жылына орташа 2,17 миллион киловатт саат электр энергиясын ислеп шығарыў есабынан 615 мың метр куб тәбийғый газдиң жумсалыўының алды алынды. Жаңа тармақ электр тәмийнаты аўыр болған аймақ турғынларын үзликсиз электр энергиясы менен тәмийинлеўге хызмет етпекте.

Таўлардың ойнақшыған жылғалары бирлесип, сарқырап ағатуғын сай ҳәм дәрьяларға айланады. Олардың күшли ағымы болса жаңа гидрообъектлер қурыў ушын беккем тийкар болып хызмет етпекте.

Қува районындағы Толмозор аўылы Каркидон суў сақлағышының төменги бөлиминде жайласқан. Суў сақлағыш аўыл хожалығы тармақларын раўажландырыў мақсетинде 1967-жылы қурып питкерилген болып, оған суў Исфайрамсай ҳәм Қубла Ферғана каналынан ағып келип қуйылады. Имараттағы толық суў көлеми 216 миллион куб метр. Суў сақлағыштың әтирапында 1,6 мың гектар өзлестирилмеген адырлық бар.

Президентимиз өткен жылы Ферғана ўәлаятына сапары ўақтында усы суў сақлағыш әтирапындағы 250 гектар майданда экотуризм комплекси, 100 ден аслам дем алыў, саўда-сервис, кеўилашар орынлар, заманагөй мийманхана қурыў бағдарында иске қосылмаған имканиятлар бар екенлиги, оннан мақсетли пайдаланыў бойынша керекли көрсетпелер берген еди. Бүгин бул жерге келген адам "Жасыл белбеў" жаратыў, экотуризм, гастрономиялық туризм тармақларын қурыў бағдарындағы дөретиўшилик жумыслардың гүўасы болады.

Каркидон суў сақлағышының төменги бөлиминен ағып өткен суў аңғары заманагөй үлгилер тийкарында оңланып, бетонластырылып атырғаны ысырапгершиликлердиң алдын алыў менен бирге, энергия гидрообъектлерин қурыў имканиятын кеңейтти.

Бул жерде саатына 120 киловатт электр энергиясын ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе 5 киши гидроэлектр станциясының қурылысы жуўмақланды. Қәнигелер суў тармақлары шетлерин бетонлаў есабынан суў ағымын және де тезлестирди. Айтыўларына қарағанда, бир суў ағысы алты мәрте электр энергиясын пайда етиў имканиятын береди екен. Жаңа жойбар бир ўақыттың өзинде 250 ден аслам шаңарақ ҳәм басқа да өндирис тармақларын арзан электр энергиясы менен тәмийинлейди.

Дөңгелек көринисиндеги қурылма өзине тәнлиги менен ажыралып турады. Гидроэлектр станциясы суў қәддине сәйкес ҳалда генераторды ҳәрекетлендирип, электр энергиясын ислеп шығарады. Яғный суў муғдары кемейсе де бир қәлипте ислей алады.

- Мәҳәллемиз аймағынан ағып өткен суўдан усы күнге шекем тек ғана егисликлерди суўғарыўда пайдаланғанбыз, - дейди мәҳәлле пуқаралар жыйыны баслығы Фазлиддин Раимжонов. - Енди оннан альтернатив электр энергиясын алып атырмыз. Бул жүдә үлкен имканият, қолайлық. Аўылымыздағы суў аңғарының улыўма узынлығы 5 километрден артық. Бул және онлаған мине усындай киши қуўатлылықтағы гидроэлектр станцияларын қурыў, қосымша электр алыў имканиятын береди. Ҳәзирги күнде 1040 шаңарақ, хызмет көрсетиў тармақларын альтернатив электр энергиясы менен тәмийинлеў, қурылмалардың имканияты, экономикалық нәтийжелилиги бойынша үгит-нәсият жумысларын алып бармақтамыз.

Каркидон суў сақлағышы аймағындағы сайлар, дем алыў орынларындағы суў бассейнлериниң имканиятын үйренген ҳалда 10 микро ГЭС қурыў бойынша жумыслар даўам еттирилмекте. Ҳәзирги ўақытқа шекем күнлик қуўатлылығы 2400 киловаттлы киши ГЭСлер қурылысы жуўмақланды. Бул бир ўақыттың өзинде 480 шаңарақты альтернатив электр энергиясы менен тәмийинлейди. Бир жылда 216 мың куб метр тәбийғый газди үнемлеўге хызмет етеди. Усы муғдар район аймағынан ағып өтетуғын басқа сай ҳәм каналларға салыстырғанда, киши ГЭСтиң үлкен имканиятын баҳалаў қыйын емес. Әпиўайы етип айтқанда, бир ағым бойынша жоқарыдан төменге ҳәрекетленип киятырған суў сарпынан қайта-қайта пайдаланып, экологиялық таза энергия алынады.

- Қува районы аймағынан ағып өтетуғын Қубла Ферғана каналында дөңгелек типиндеги микро ГЭС - "200 киловатт Қува-1" жойбары ислеп шығылып, оның фундамент жумыслары жуўмақланды, - дейди Ферғана мәмлекетлик техника университетиниң докторанты Дониёржон Ботиров. - Бул жойбар арқалы жылына 43 мың 200 киловатт саат электр энергиясы ислеп шығарылады. Алтыарық районы аймағында болса Малайзия ҳүкиметиниң инвестициясы есабынан қуўатлылығы 150 киловатт саат болған микро ГЭС қурылысы басланды.

Сай ҳәм каналларда дөңгелек көринисиндеги киши гидроэлектр станцияларын қурыў арқалы альтернатив электр энергиясын алыў тәжирийбеси Ферғана ўәлаятының басқа қала ҳәм районларында да ғалаба ен жаймақта. Атап айтқанда, Ёзёвон районы аймағынан ағып өтетуғын Үлкен Әндижан, Үлкен Ферғана каналларының Ханабад тармағы ҳәм Ёзёвонсой тасламасында қуўатлылығы 340 киловаттлы 10 киши ГЭС қурылысы бойынша жойбар әмелге асырылмақта. Бул объектлердиң қурылысы нәтийжесинде саатына 340 киловатт саат электр энергиясы ислеп шығарылады. Бир айда орташа 183 мың, бир жылда 2 миллион 203 мың киловатт саат қосымша электр энергиясын алыў имканияты пайда болады.

Ферғана мәмлекетлик техника университетиниң илимпазлары германиялы қәнигелер менен биргеликте сай ҳәм каналларға қуўатлылығы 3 киловатттан 100 киловатт саатқа шекем болған микро ГЭСлердиң жаңа конструкцияларын жойбарластырыў, таярлаў, қурып орнатыў ҳәм тәжирийбе-сынақ өткериў, коммерцияластырыў бойынша әмелий жумыслар исленбекте. "Технопарк" ҳәм "Микро ГЭСлерди жойбарлаў" орайы шөлкемлестирилген. Усы күнге шекем қуўатлылығы 50 киловаттқа шекемги экологиялық таза электр энергиясын ислеп шығаратуғын биринши микро ГЭС Марҳамат районындағы "Роҳат" мәкан пуқаралар жыйыны аймағында иске қосылып, 240 шаңарақ альтернатив электр энергиясы менен тәмийинленди.

- Ўәлаятымызда альтернатив электр энергиясын ислеп шығарыў арқалы тутыныўшылардың электр энергиясына болған талабын тәмийинлеў бағдарында үлкен имканият бар, - дейди Ферғана мәмлекетлик техника университетиниң профессоры, техника илимлериниң докторы Сирожиддин Эргашев. - Бүгин қуўатлылығы 3 киловаттан 500 киловаттқа шекемги жаңа әўлад турбиналы микро ГЭСлерди ислеп шығарыў жолға қойылмақта. Биринши басқышта ўәлаятымыз аймағынан өткен Үлкен Ферғана ҳәм Қубла Ферғана каналлары, Әндижан каналы ҳәм тармақларына (суў ағымының талап етилген параметрлерине ийе) орташа қуўатлылығы 50 киловаттлы 230 микро ГЭС қурыў мүмкин екенлиги анықланды. Олардың орташа жыллық жумыс ўақты 8000 болса, ислеп шығарған электр энергиясы қуўатлылығы 92 миллион киловатт-саатты қурайды. Бул ўәлаят бойынша бир жылда жумсалатуғын электр энергиясының еки процентин үнемлеў имканиятын береди. Буннан тысқары, Германияның гидроагрегат ислеп шығарыўшы “WASSERKRAFT VOLK AG” ҳәм “NEXTGEN SOLUTIONS” консалтинг компаниялары менен биргеликте Қува ҳәм Ферғана районларында микро ГЭСлер ҳәм 200 киловатт саатқа шекем электр энергиясын ислеп шығаратуғын жаңа турбогенератор типиндеги гидроагрегатлар таярлаў бойынша ислеп атырмыз.

Илимпазлардың әмелий излениўи себепли альтернатив электр энергиясын ислеп шығаратуғын самал агрегатлары, қуяш панеллери, қуяш ыссылық системаларының тәжирийбе үлгилери жаратылды. Ҳәзир киши ағыслы дәрья ҳәм каналларға дөңгелек типиндеги гидроқурылмалар жәрдеминде электр энергиясын алыў бойынша сегиз жойбар табыслы ислеп атыр.

Суў шығынларын азайтыў мақсетинде каналларды бетонлаў бағдарламасы суў ағымын тезлетиў есабынан киши ГЭСлер қурыў имканиятын және де кеңейтпекте.

Расулжон КАМОЛОВ,

"Янги Ўзбекистон" хабаршысы

Шерзод Қорабоев түсирген сүўретлер