Изертлеў нәтийжелери абырайлы “Chemical Engineering Journal” халықаралық илимий журналында жәрияланып, дүнья илимий жәмийетшилиги тәрепинен тән алынды.
Хабар берилиўинше, ислеп шығылған гидрогел жоқары жабысқақлық, эластиклик, антибактериал ҳәм антиоксидант қәсийетлерге ийе. Ол жараны сыртқы факторлардан қорғап, исиниў процесслерин кемейтеди ҳәм де тоқымалар регенерациясын тезлестиреди. Гидрогел қурамында поливинил спирт, мидия мусини, темир ионлары ҳәм артемизинин қолланылған болып, еки тармақлы дүзилиси оның механикалық беккемлигин тәмийинлейди.
Тәжирийбе нәтийжелери гидрогел бактерияларға қарсы жоқары нәтийжелиликке ийе екенин, оксидлеўши стрессти төменлетиў ҳәм жара питиўин хошаметлеўди көрсеткен. Бул болса инфекцияланған жараларда саўалыў мүддетин қысқартыў имканиятын береди.
Техника илимлериниң докторы, профессор Ҳайдар Юнусовтың атап өтиўинше, бул гидрогел дәстүрий байламлардан өзгеше түрде тек ғана жараны жабыў менен шекленип қалмастан, бир ўақыттың өзинде бактерияларға қарсы тәсир көрсетеди, исиниўди қадағалайды ҳәм тоқымалар ушын қолайлы ығаллы орталық жаратады. Сондай-ақ, ол ығаллы орталықта да териге беккем жабысыўы, биомуўапықлығы ҳәм қәўипсизлиги менен ажыралып турады.
Қәнигелер бул инновациялық қолланбаны медицина әмелияты ушын перспективалы шешим сыпатында баҳаламақта. Атап өтилиўинше, бундай қолланбалар миллий илим потенциалының жоқарылап атырғанын айқын көрсетеди.