2024-жылдың 26-декабрьинен 31-декабрьине шекем Оман мәмлекетинде «Muscat International Chess Championship 2024» турнири болып өтти.
Турнирде қатнасқан шахматшымыз Ортиқ Нигматов 2501 (Qatar Masters 2024 +9.4; 3rd International President cup +35; Muscat International Chess Championship 2024 +9.8) рейтинг көрсеткишин атап өтти.
Усы тәризде Нигматов соңғы талапты орынлап, шахмат гроссмейстериниң атағына ийе болған отызыншы өзбекстанлы болды, деп хабар береди Өзбекстан шахмат федерациясы.
"Шахматшымыз GM лик норма талапларын мүддетинен алдын орынлаған, тек ғана рейтинг көрсеткишлери бир мәрте 2500 рейтингтен өтиўи керек еди", делинеди хабарда.
Қуўанышлы тәрепи сонда, Ортиқ Нигматов 9 турдан ибарат беллесиўлерде 7 жеңис ҳәм 2 тең нәтийжесин атап өтип, 8 очко топлап «Muscat International Chess Championship 2024» турнири жеңимпазына айланди.