Жоқары мәртебели мийман мәмлекетимиз басшысына Япония Бас министри Сигэру Исибаның қызғын сәлеми ҳәм Өзбекстан Ғәрезсизлиги күни мүнәсибети менен қутлықлаўын жеткерди.

Ушырасыўда Өзбекстан-Япония стратегиялық шериклик қатнасықларын және де беккемлеў ҳәм көп қырлы бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери додаланды.

Жедел сөйлесиўлер даўам етип атырғаны ҳәм әмелий бирге ислесиў жедел раўажланып атырғаны айрықша қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Бүгин өткерилген еки мәмлекет сыртқы ислер министрлери Стратегиялық сөйлесиўиниң биринши мәжилисиниң пайдалы нәтийжелери жоқары баҳаланды.

Товар алмасыў көлеми артпақта, Японияның жетекши компанияларының қатнасыўында ири инвестициялық жойбарлар әмелге асырылмақта. 17-август күни Осака қаласында "EXPO 2025" пүткил жер жүзилик көргизбеси шеңберинде болып өткен Өзбекстан миллий күни табыслы өткерилди.

Сиясий сөйлесиўди тереңлестириў, саўда-экономикалық, инвестициялық, финанслық-техникалық ҳәм мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўдиң анық жойбарларын алға қойыўға айрықша итибар қаратылды.

Өзбекстан-Япония орайының жумысын кеңейтиў ҳәм келешекте оның тийкарында Японияның жетекши университетлериниң қатнасыўында биргеликтеги университет шөлкемлестириў режелери қоллап-қуўатланды.

Халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе мәселелер, соның ишинде, "Орайлық Азия + Япония" форматындағы болажақ саммитти өткериў бойынша да пикир алысылды.