Айрықша жағдайлар министрлиги Сейсмопрогностикалық мониторинг Республикалық орайының мағлыўматларына бола, жер силкиниўдиң эпицентри Әндижан ўәлаятының Марҳамат районында жайласқан.
Географиялық координаталары - 40,55° арқа кеңлик ҳәм 72,26° шығыс бойлық. Жер силкиниўдиң магнитудасы 4,2 ди қурады, ол 15 км тереңликте жүз берген.
Жер силкиниў эпицентри Ташкент қаласынан 268 км қубла-шығыста жайласқан.
Жер силкиниўиниң сезилиў дәрежеси төмендегише бақланған:
Эпицентрде (Марҳамат районы) - 4 балл.
Әндижан ўәлаяты - 3 балл, 29 км аралықта
Ферғана ўәлаяты - 2-3 балл, 45 км аралықта;





