Президентимиздиң усы жыл 20-октябрьдеги "Халық ҳәм аймақларды айрықша жағдайлардан исенимли қорғаў тараўын сапа жағынан жаңа басқышқа көтериў ҳаққында"ғы пәрманы бул бағдардағы жумыслардың көлемин ҳәм нәтийжелилигин арттырыўда әҳмийетли ҳуқықый тийкар болды. Халықты ҳәм аймақларды айрықша жағдайлардан исенимли қорғаўда алдыңғы сыртқы тәжирийбени есапқа алған ҳалда илимий-техникалық қатнаслар тийкарында нәтийжели профилактика ҳәм мәмлекетлик қадағалаўдың жаңа механизмлерин жолға қойыў сондай-ақ, тараўға заманагөй санлы шешимлерди енгизиў бойынша миллий тәжирийбени жаратыў мақсетлерине бағдарланған бул ҳүжжет бул бағдардағы жумысларды сапа жағынан жаңа басқышқа көтериў бағдарындағы реформалардың тийкарғы мақсетлерин белгилеп берди.
Соның ишинде, айрықша жағдайлардың ерте алдын алыў ҳәм ақыбетлерин азайтыў жумысын тийкарғы ўазыйпа сыпатында қабыл етиў арқалы мәҳәллелер дәрежесинде кең көлемли профилактика механизмлерин жаратыў ҳәм нәтийжели енгизиў; энергетика, ири өндирис, қурылыс ҳәм хызмет көрсетиў объектлеринде айрықша жағдайлардың алдын алыў, қәўипти басқарыў, техноген аварияларды өз ўақтында сапластырыўдың жаңа стандарт ҳәм методикаларын ислеп шығыў ҳәм айрықша жағдайлар шараятларында ҳәрекетлениў әмелиятын жолға қойыў тийкарғы бағдарлар етип белгиленди.
Буннан тысқары, айрықша жағдайлар бағдарында мәмлекетлик қадағалаў түрлериниң талаплары менен нормаларын заман талапларына сәйкес түрде қайта көрип шығыў ҳәм оларды әмелге асырыў механизмлерин трансформациялаў бойынша комплексли илажлар системасын белгилеў; айрықша жағдайлар қәўипин сапластырыў тараўына жасалма интеллект, робототехника ҳәм заманагөй санлы технологияларды кеңнен енгизиў, усы жағдайлардың алдын алыўға жуўапкер уйымлар менен шөлкемлердиң мәлимлеме системаларын бирден-бир технологиялық платформаға бирлестириў; барлық буўындағы айрықша жағдайлар уйымлары ушын кадрлар ҳәм басшыларды мақсетли таярлаў, қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў бойынша дуал билимлендириўге тийкарланған бир пүтин, үзликсиз оқыў системасын жолға қойыў, бул процесске оқытыўдың алдынғы педагогикалық усылларын енгизиў де тараў жумысының тийкарғы бағдарлары болады.
Пәрман менен тараўды реформалаўдың шөлкемлестириўшилик тийкарлары, басқарыўда тәкирарланатуғын функцияларды оптималластырыў, хызметкерлерди социаллық қорғаў ҳәм финанслық тийкарлар менен байланыслы әҳмийетли ўазыйпалар да белгиленди, бул халық ҳәм аймақларды айрықша жағдайлардан исенимли қорғаў, тараў жумысының нәтийжелилигин арттырыўға хызмет етеди.
Бүгинги күнде елимизде халықты айрықша жағдайларда ҳәрекет етиўге таярлаўдың өзине тән системасы қәлиплескен. Системаның бас оқыў-методикалық ҳәм илимий-педагогикалық орайы Айрықша жағдайлар министрлигиниң Пуқаралық қорғаў институты болып есапланады. Институт әмелдеги нызамшылыққа тийкарланып халықты жер силкиниўде ҳәрекетлениўге таярлаў тараўында жумысты муўапықластырып барыўшы ўәкилликли мәмлекетлик басқарыў уйымының билимлендириў мәкемеси есапланады.
Институттың Айрықша жағдайлар симуляция орайында 2015-жылдан баслап стационар жер силкиниў симуляциясы жумыс ислеп келмекте. Бул симулятор жәрдеминде халықты тек ғана жер силкиниў ўақтында дурыс ҳәрекет етиў бойынша әмелий таярлықтан өткериў мүмкин. Орайдың халықты таярлаў имканияты бир жылда көби менен 10 мыңға жетпекте. Халқымыздың дерлик 70 проценти сейсмикалық белсенди аймақларда жасайтуғынын есапқа алсақ, ўатанласларымызды әмелий ҳәрекетлениўге таярлаў имканияты жетерли дәрежеде емес. Соннан келип шығып айтыў мүмкин, халықты жер силкиниўден алдын, жер силкиниў ўақтында ҳәм оннан кейин дурыс ҳәрекет етиўге таярлаўды жоқары дәрежеге көтериў, күшли жер силкиниў ақыбетиндеги зыянлардың азайыўына ерисиў ҳәм экономикамызға жеткерилиўи мүмкин болған зыян муғдарын азайтыў әҳмийетли ўазыйпа болып есапланады. Сондай-ақ, тараўды заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларынан пайдаланған ҳалда раўажландырыў дәўир талабы болып есапланады.
Бундай машқалалы мәселелерди нәтийжели шешиўде усы ҳүжжет пенен бир қатарда Президентимиздиң 2024-жыл 21-февральдағы "Өзбекстан - 2030" стратегиясын "Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў жылы"нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама ҳаққында"ғы пәрманы да үлкен әҳмийетке ийе. Бул ҳүжжетте Айрықша жағдайлар министрлигине халықты айрықша жағдайлар, күшли жер силкиниўлер ҳәм климат өзгериўи менен байланыслы тәбийғый апатшылықта дурыс ҳәрекет етиўге таярлаў системасын раўажландырыў бойынша бир қатар ўазыйпалар белгиленген.
Пуқаралық қорғаў институтының илимий хызметкери ҳәм профессор-оқытыўшылары тәрепинен пәрманда белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы шеңберинде 2024-жылы "Жер силкиниўден алдын, жер силкиниў ўақтында ҳәм жер силкиниўден кейин әмелий ҳәрекет етиўге үйретиўге мөлшерленген көшпели мобил жер силкиниў симуляторын" жаратыў жойбары ислеп шығылды. Усы тийкарда ислеп шығылған көшпели мобил жер силкиниў симуляторы арқалы халықты жер силкиниўде әмелий ҳәрекет етиўге үйретиўден тысқары түрли дәрежедеги жер силкиниўди виртуал түрде сезиў (бөлмеде), жер силкиниў нәтийжесинде пайда болған суў тасқынында дурыс ҳәрекет етиў, жер силкиниўден кейин пайда болған өртти сапластырыў, қәўипли объектте жүз берген өрт-жарылыўда дурыс ҳәрекет етиў ҳәм биринши медициналық жәрдем көрсетиўге әмелий үйретиў имканияты да жаратылды.
Мобил симулятор ҳәм үгит-нәсиятлаў орайы
Бир көшпели мобил жер силкиниў симуляторы менен бир жылда сейсмикалық белсенди аймақларда жасайтуғын 25-30 мың адамды әмелий ҳәрекетке таярлаў мүмкин. Жер силкиниў симуляторы арқалы, биринши гезекте, шетки аймақларда жасайтуғын халықта дурыс ҳәрекетлениў бойынша әмелий көнликпе пайда етиледи.
Бул симулятор жәрдеминде қала ҳәм аўыллардағы және жетип барыў қыйын болған таўлы ҳәм таў алды аймақларындағы елатлы пунктлерде де жер силкиниўде ҳәрекетлениўге әмелий таярлық көриў мүмкин болады. Инновациялық усы қурылманы кейин ала ҳәр бир ўәлаят ушын өз алдына ислеп шығыў ҳәм басқа мәмлекетлерге экспорт етиў мүмкин. Бул халықтың қәўипсизлиги және экономикалық турақлылыққа тийкар жаратыўы менен әҳмийетли болып есаплаанды.
Саид-Азим ОРИПОВ,
Дилмурод ҚОДИРОВ,
Пуқаралық қорғаў институты хызметкерлери.





