Жыйналыстың тийкарғы мақсети саяхатшылар қәўипсизлигин тəмийинлеў ҳəм туризм саласын халық аралық көлемде турақлы раўажландырыў ушын тийкар болып хызмет ететуғын кодексти ислеп шығыўдың тийкарғы тəреплерин талқылаўдан ибарат болды. Қатнасыўшылар мəмлекетлерге саяхат қәўипсизлиги менен байланыслы жаңа қәўип-қәтерге ийкемлесиў имканиятын беретуғын бирден-бир стандартты жаратыў зəрүрлигини айтып өтилди.
Жыйналыста 50 мəмлекет ҳəм БМШ Туризм шөлкеми ўәкиллери қатнасты. Жыйналыс жуўмағында Өзбекстан басшылығы ҳаққында қарар бир даўыстан қабылланды, деп хабар береди Туризм комитети.