Илажда регион мәмлекетлериниң турақлы раўажланыўын тәмийинлеўде парламентлер ҳәм жергиликли ўәкиллик уйымларының орны додаланды.
Мәжилисте регион мәмлекетлериниң турақлы раўажланыўын тәмийинлеўде парламентлер ҳәм жергиликли ўәкиллик уйымларының роли додаланды. Климаттың өзгериўи, суў ресурсларының жетиспеўшилиги, шөллениў сыяқлы экологиялық қәўип-қәтерлер, суў ҳәм энергетика қәўипсизлиги мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Өзбекстанда Миллий ТРМның орынланыўы, турақлы социаллық-экономикалық раўажланыўды тәмийинлеў ҳәм халықтың турмыс сапасын арттырыўға қаратылған кең көлемли реформалардың әмелге асырылыўын қадағалаў бойынша парламент комиссиясының белсендилик көрсетип атырғанына айрықша итибар қаратылды.
Қатнасыўшылар Өзбекстан глобал тийкарғы бағдарларды миллий күн тәртибине интеграциялаўда үлги болып атырғанын атап өтти.
Мәжилис шеңберинде климат өзгериўи, суў ресурсларының жетиспеўшилиги, шөллениў сыяқлы экологиялық қәўип-қәтерлерге, сондай-ақ, суў ҳәм энергетика қәўипсизлиги мәселелерине де айрықша итибар қаратылды.
Мәжилис жуўмақлары бойынша регион мәмлекетлериниң аўызбиршиликте, кең көлемли ҳәм тең салмақлы раўажланыўына ерисиў ушын парламентлераралық бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў бойынша келисимге ерисилди. Онда жергиликли ҳәкимият ўәкилликли уйымларының әҳмийетли ролине айрықша итибар қаратылды, деп хабар береди Олий Мажлис Сенатының баспасөз хызмети.