Бул абырайлы илажда дүнья мәмлекетлеринен парламент ағзалары, диний жетекшилер, халықаралық шөлкемлер, пуқаралық жәмийети ҳәм жаслардың ўәкиллери қатнаспақта.
Әнжуман шеңберинде өткерилген ҳәр қыйлы темалардағы сессиялар ҳәм жоқары дәрежедеги панель додалаўларында дүнья көлеминдеги диний кеңпейиллик, конфессиялараралық келиспеўшиликлер ҳәм олардың унамсыз ақыбетлерин азайтыў бойынша әмелий шешимлер додаланды.
Атап айтқанда, мәмлекетлер арасындағы тарийхый ҳәм этно-конфессиялық келиспеўшиликлер, оларды сапластырыўда турақлы динлераралық қарым-қатнас механизмлерин енгизиў, диний мәселелерде кеңпейиллик мәдениятын қәлиплестириў арқалы тыныш ҳәм турақлы жәмийет қурыў, жаслардың бул процесслерде белсене қатнасыўы және кеңпейиллик ҳәм өз-ара түсинисиў мәдениятын кеңнен үгит-нәсиятлаў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Сондай-ақ, дүнья көлеминдеги диний келиспеўшиликлерди жумсартыў ҳәм глобал кеңпейиллик орталығын қәлиплестириўге байланыслы бир қатар усыныслар алға қойылды, деп хабар бермекте Олий Мажлис Сенатының баспасөз хызмети.