Ўзбекстан делегацияси «Qatar Travel Mart 2024» көргизбесинде қатнаспақта

    2024-жыл 25-27-ноябрь күнлери Туризм комитети делегациясы Доҳа қаласында болып өтип атырған «Qatar Travel Mart» халықаралық көргизбесинде мәмлекетимиздиң миллий стендин көрсетти.

    Бул илаж региондағы ең ири туризм платформаларынан бири болып, дүнья туризм бизнеси ўәкиллери, авиакомпаниялар, мийманханалар ҳәм миллий туризм администрацияларын бирлестирген.

    Өзбекстан миллий стендинде мәмлекеттиң бай мәдений мийрасы, сийрек ушырасатуғын туризм бағдарлары ҳәм бирге ислесиўдиң перспективалы жойбарлары таныстырылды. Стендке келиўшилер мәмлекеттиң туристлик имканиятлары, Жипек жолы бойындағы тарийхый естеликлерден баслап, заманагөй инфраструктура жойбарларына шекем болған мағлыўматлар менен танысыў имканиятына ие болды, деп хабар береди Туризм комитети баспасөз хызмети.

    Делегация, сондай-ақ, Персия қолтығы мәмлекетлеринен туристлер ағымын арттырыў бойынша потенциаллы шериклер менен сөйлесиўлер алып барды.

    «Al-Jazira» халықаралық телевидениеси ўәкиллери менен сөйлесиўлерге айрықша итибар қаратылды, бул болса өз гезегинде Өзбекстанды Жақын Шығыстағы медиа платформаларда үгит-нәсиятлаўдың жаңа перспективаларын ашыўға хызмет етеди.

    «Qatar Travel Mart» көргизбесинде қатнасыў Өзбекстанның халықаралық туризм майданындағы орны артып баратырғанын ҳәм мәмлекеттиң пүткил дүня жүзи бойлап саяхачылар ушын тийкарғы жөнелислерден бирине айланыўға умтылып атырғанын көрсетеди.