Өзбекстан елшиси Эстония Президентине исеним жарлықларын тапсырды

    Өзбекстанның Эстонияға жаңадан тайынланған елшиси Тимур Раҳмонов 16-апрель күни усы мәмлекет Президенти Алар Кариске исеним жарлықларын тапсырды.

    "Дунё" МАның хабар бериўинше, рәсмий илаждан соң өткерилген сөйлесиў ўақтында Эстония Президенти Өзбекстан менен саўда-экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўлардағы байланыслардың раўажланып атырғанын жоқары баҳалады ҳәм бул бағдарларда бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўдан мәпдар екенин билдирди.

    Сондай-ақ, Эстония жетекшиси Өзбекстанның региондағы жетекши мәмлекетке айланғанын айрықша атап өтти. Атап айтқанда, ол Өзбекстан жетекшисиниң регион еллери арасындағы қатнасықларды беккемлеў, соның ишинде, көп жыллар даўамында келиспеўшиликлерге себеп болып келген шегара мәселелерин унамлы шешиўдеги үлкен үлесин айрықша атап өтти.

    Президент Алар Карис мәмлекетимиз басшысының басшылығында елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларды эстон тәрепи толық қоллап-қуўатлайтуғынын тастыйықлады.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates