Өзбекстан Ирландияға жаңа елши тайынлады

    Өзбекстанның Ирландияға жаңадан тайынланған Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Равшан Усманов усы мәмлекет Сыртқы ислер ҳәм саўда министрлиги Протокол департаментиниң баслығы Ральф Викториге исеним жарлықларының нусқаларын тапсырды.

    "Дунё" МАның хабар бериўинше, сәўбетлесиў ўақтында Өзбекстан ҳәм Ирландия арасындағы бирге ислесиўди раўажландырыў перспективалары бойынша пикир алысылды.

    Саўда-экономикалық, мәдений ҳәм туризм тараўларында байланысларды жеделлестириў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Аўыл хожалығы, МКТ, фармацевтика ҳәм қайта тиклениўши энергия тараўларын перспективалы бағдарлар сыпатында атап өтилди.

    Ушырасыў соңында Ирландия тәрепи Өзбекстан елшисине еки тәреплеме қатнасықларды раўажландырыў ҳәм кеңейтиў жолындағы жумысларына табыслар тиледи.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates