Бул байрамның Өзбекстан кәсиплик аўқамлары ҳәрекетиниң 120 жыллығы кеңнен белгиленип атырған күнлерде өткерилип атырғаны, әлбетте, оған өзгеше руўх ҳәм салтанат бағышлайды.
Бәршемиз жақсы түсинемиз, Жаңа Өзбекстан - бул бәринен бурын, инсанның өмири, денсаўлығы, ҳуқық ҳәм мәплери, абырайы нызам менен исенимли қорғалатуғын мәмлекет болып есапланады.
Елимизде жаңа жәмийет, жаңа мәмлекет қурыўда өз қатарларында сегиз миллионға шамалас ағзаны бирлестирген кәсиплик аўқамларының мийнет тараўында ҳуқық ҳәм мәплерди қорғаў, әдиллик ҳәм теңлик принциплерин тәмийинлеў бағдарындағы бир әсирден аслам тәжирийбеси биз ушын оғада үлкен әҳмийетке ийе.
Соны терең аңлаған ҳалда, кәсиплик аўқамларының белсендилери социаллық тараўда, әсиресе, кәмбағаллықты қысқартыў, бәнтликти тәмийинлеў, жаслар, ҳүрметли нураныйларымыз, әзиз ҳаял-қызларымыздың мәплерин қорғаў бағдарындағы бағдарламаларды әмелге асырыўда айрықша пидайылық көрсетпекте.
Тек ғана кейинги 5 жылда сизлердиң ис-ҳәрекетлериңиз бенен 500 мыңға шамалас пуқараның ҳуқықлары тикленгени, кәрхана ҳәм мәкемелерде гендер теңлик тараўында жәмийетлик қадағалаў ҳәм аудит бойынша 20 мыңға шамалас илаж өткерилгени, мийнетти қорғаў бағдарындағы 21 мыңнан аслам кемшилик сапластырылғаны, санаторийларда 1 миллионға шамалас хызметкер ҳәм олардың шаңарақ ағзалары, 1 мың 200 урыс ҳәм мийнет фронты ветеранларының саламатландырылғаны, 800 мыңнан аслам балалардың жазғы дем алыўы ушын шараят жаратылғаны дыққатқа ылайық.
Мәмлекетимиз кәсиплик аўқамларының сырт мәмлекетлердиң түрлес шөлкемлери ҳәм халықаралық структуралар менен шериклиги беккемленип атырғаны, онға шамалас халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлерге ағза болып кирип атырғаны да Федерация жумысының көлеминен дәрек береди.
Әзиз дослар!
Жақында сизлер менен ашықтан-ашық сөйлесиў тәризинде болып өткен ҳәм ҳәрекет тарийхында жарқын бетке айланған ушырасыўда биз Өзбекстан кәсиплик аўқамлары федерациясы, оның тармақлық ҳәм аймақлық бөлимлериниң жумысын ҳәр тәреплеме таллап, келешектеги анық ўазыйпаларды белгилеп алдық.
Бул ушырасыўда сизлердиң көплеген тараўларда социаллық шерикликти кеңейтиў, тәсиршең жәмийетлик қадағалаўды орнатыў, мүлкшилик түрине қарамастан, барлық кәрхана ҳәм шөлкемлерде жумыс ислеўшилердиң, әсиресе, рәсмий емес бәнт болған пуқаралар, ҳаял-қызлар ҳәм жаслардың кәсиплик ҳәм мийнет ҳуқықларын тәмийинлеў системасын күшейтиў, улыўма, рәсмий емес бәнтликке жол қоймаў бойынша басламаларыңыз бенен танысып, бүгинги күнде пүткил халқымыз қатары тараў хызметкерлери де уллы мақсетлер менен жасап атырғанына және бир мәрте исеним пайда еттим.
Әлбетте, социаллық-экономикалық қарама-қарсылықларға толы ҳәзирги қыйын заманда бундай кең көлемли ўазыйпаларды әмелге асырыў тегин емес. Буның ушын, бәринен бурын, "жасыл" экономика ҳәм жасалма интеллектти жедел раўажландырыў, онлаған кәсиплер бойынша платформалы бәнтликти жолға қойыў шараятында мийнет базарында жаңа қатнасықларды қәлиплестириўди есапқа алып, мийнет ҳуқықларын тәмийинлеў, өмир ҳәм қәўипсизликти қамсызландырыў бойынша анық ҳуқықый нормаларды нызамшылықта беккемлеп қойыў ҳәм сол тийкарда жаңа жумыс тәртибине өтиўди әмелге асырыў зәрүр.
Сондай-ақ, келеси бес жылда мийнет тараўындағы халықаралық стандартларды миллий нызамшылыққа имплементациялаў ҳәм жәмийетлик турмысқа енгизиў, 2026-2030-жылларға мөлшерленген Мүнәсип мийнет бағдарламасын ислеп шығыў ҳәм кәсиплик аўқамлары жумысының келеси бес жылға мөлшерленген стратегиялық бағдарларын белгилеў де әҳмийетли ўазыйпа болып есапланады.
Өз өмирин инсан мәплерин қорғаўға бағышлаған, тараўда көп жыллардан берли жемисли мийнет етип киятырған пидайы белсендилеримиз, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары ағзалары бул ўазыйпаларды нәтийжели әмелге асырыў ушын бар билим ҳәм бай тәжирийбесин жумсап, пидайы мийнет етеди, деп исенемен.
Раўажланыўдың ҳәзирги оғада әҳмийетли басқышында биз, өз гезегинде, мәмлекетимизде мийнет қатнасықларын жетилистириўде кәсиплик аўқамларының мәмлекетлик уйымлар менен және де тығыз бирге ислесиўи ушын қосымша шараят ҳәм имканиятлар жаратыўға таярмыз.
Қәдирли ўатанласлар!
Сизлерди кәсиплик аўқамларының әжайып байрамы менен және бир мәрте қызғын қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық, мақтанышлы жумысыңызда үлкен табыслар, шаңарақларыңызға тынышлық-аманлық тилеймен.
Шавкат Мирзиёев,
Өзбекстан Республикасы Президенти