Өзбекстан ҒМДА мәмлекетлери арасында ең жақсы саяхат жөнелиси деп табылды

    Туризм 10 желтоқсан 2024 1364

    Сыйлықлаў мәресиминде Туризм комитети баслығының биринши орынбасары Жамшид Абдусаломов басшылығындағы Өзбекстан делегациясы қатнасты.

    Өзбекстан Республикасы Россияның «Russian traveler» журналы тәрепинен шөлкемлестирилген «Russian traveler Awards 2024» миллий туризм сыйлығының эксперт төрешилери таңлаўының нәтийжесине бола "Туризм в СНГ" номинациясында жеңимпаз деп табылды.

    Сыйлықлаў мәресиминде Туризм комитети баслығының биринши орынбасары Жамшид Абдусаломов басшылығындағы Өзбекстан делегациясы қатнасты.

    Мағлыўмат ушын: «Russian traveler» журналы - бул мәмлекеттиң ишинде саяхат етиў ҳәм белгили халықаралық жөнелислерге бағышланған рус басылымы. Ол саяхат идеялары, эксперт мәсләҳәтлери ҳәм жанлы фотосүўретлер менен мақалаларды усыныс етеди. Журналдың биринши саны 2022-жылы Санкт-Петербург халықаралық экономикалық форумында усынылған.

    Сондай-ақ, журнал Россиядағы ең жақсы туристлик жөнелислер, мийманханалар, круизлер ҳәм туризмниң басқа тәреплерин тән алатуғын ҳәр жылы «Russian traveler» сыйлықларын шөлкемлестиреди.

    2024-жылы июль айында Россияның бул журналы Өзбекстанның туризм потенциалына бағышланған "Өзбекстан - Шығыс ертеги" ("Узбекистан - Восточная сказка") атамасындағы арнаўлы саны басып шығарылған болып, россиялы оқыўшылар арасында үлкен қызығыўшылық оятқан.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates