Ушырасыўда Россияның Нижегород ҳәм Омск ўәлаятлары, Башқуртстан ҳәм Красноярск үлкесиниң басшылары да қатнасты.
Сөйлесиў алдында жоқары мәртебели мийман мәмлекетимиз жетекшисине Россия Федерациясы Президенти Владимир Путинниң сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.
"Жол картасы" тийкарында жоқары дәрежедеги ушырасыўлар жуўмағында ерисилген келисимлерди әмелге асырыў мәселелери көрип шығылды.
Саўда көлеми турақлы артып атырғаны, санаат, энергетика, транспорт, металлургия, химия ҳәм басқа да тармақларда жойбарлар әмелге асырылып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Товар алмасыў пәтин сақлап қалыў, экономиканың тийкарғы тармақларында, соның ишинде, санаат зоналары шеңберинде кооперация жойбарларын жеделлестириўге қаратылған муўапықласқан илажларды көриў, аймақлар ҳәм бизнес дәрежесиндеги жедел сөйлесиўлерди даўам еттириў әҳмийетли екени атап өтилди.
Усы мәниде, Ҳүкиметлераралық комиссияның бүгин болып өткен мәжилиси ҳәм Ташкент қаласындағы исбилерменлик илажларының нәтийжели жуўмақларына жоқары баҳа берилди.
Сондай-ақ, ушырасыў шеңберинде Россияның жетекши компанияларының басшылары мәмлекетимиз жетекшисине IТ, энергетика, электротехника, машина қурылысы, химия, фармацевтика, тоқымашылық ҳәм азық-аўқат санааты тараўларындағы жойбарларды әмелге асырыў бойынша анық режелерди усынды.








