Оның ашылыўында Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов ҳәм Қытай Коммунистлик партиясы Орайлық комитети Сиясий бюросының ағзасы, Шинжон-Уйғур автоном районы Парткомының хаткери Ма Синжуй басшылығындағы делегациялар қатнасты.
Форумда делегациялардың басшылары шығып сөйледи.
Кейинги жылларда мәмлекетлер арасындағы байланыслар барған сайын беккемленип, жақсы мүнәсибет ҳәм дослықтың жаңа моделине айланып атырғаны, онда әсиресе, Мәмлекет басшылары арасындағы тығыз, шын кеўилден ҳәм дослық қатнасықлар үлкен әҳмийетке ийе екени атап өтилди.
Өз гезегинде, бундай илажлар, саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық байланысларды тереңлестириў, өз-ара бирге ислесиўдиң жаңа қырларын ашыўға жәрдем беретуғыны айрықша атап өтилди.
Бүгинги күнде қытайлы шериклер менен энергетика, химия, машина қурылысы, текстиль, қурылыс материаллары, турмыслық техника, аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыў бойынша биргеликтеги жойбарлар нәтийжели әмелге асырылып келинбекте.
Кейинги жыллары Қытайдан Өзбекстанға тартылып атырған тиккелей инвестициялардың көлеми бес есеге, қоспа кәрханалардың саны болса үш есеге артты.
"Бир мәкан, бир жол" басламасы шеңберинде регион мәмлекетлери ушын стратегиялық әҳмийетке ийе болған "Қытай-Қырғызстан-Өзбекстан" темир жолының қурылысына старт берилди.
Бул жойбардың иске қосылыўы нәтийжесинде Өзбекстан Шығыс ҳәм Батыс арасындағы ири логистика хабы сыпатында қәлиплеседи.
Өзбекстан Бас министри өзиниң шығып сөйлеген сөзинде мәмлекетимиз делегациясы қурамында 250 ден аслам ири исбилерменлер, сондай-ақ, Әндижан, Ташкент, Ферғана, Сырдәрья ҳәм Сурхандәрья ўәлаятларының басшылары менен ўәкиллери де Урумшыға келгенин айтып, қатнасыўшылардың итибарын Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында мәмлекетимизде инвестициялық орталықты жақсылаў ҳәм исбилерменлерге қолайлы шараятлар жаратыў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардың нәтийжесине қаратты.
Атап өтилгениндей, өткен дәўирде жалпы ишки өнимниң көлеми 2 есеге көбейип, биринши мәрте 100 миллиард доллардан асты. Келеси бес жылда бул көрсеткишти 160 миллиард долларға жеткериў мақсет етилген.
Кейинги жыллары елимизде 70 миллиард доллардан аслам сырт ел инвестициясы өзлестирилди. Халықаралық финанс институтларының 14 миллиард доллардан аслам қаржысы социаллық ҳәм инфраструктуралық тараўларға тартылды.
Келеси 5 жылда "жасыл" энергия дәреклериниң энергетикадағы үлесин 50 проценттен арттырыў нәзерде тутылған.
Өзбекстан - минерал ресурслар ҳәм әҳмийетли металлардың үлкен базасына ийе мәмлекет.
Елимизде жылына 25 миллион тонна жоқары сапалы мийўе-палыз жетистирилмекте. Жылына 2,5 миллиард долларлық мийўе-палыз ҳәм азық-аўқат өнимлери экспорт етилмекте.
Мәмлекетимиз дүньядағы көплеген мәмлекетлер менен жеңиллетилген саўда системасына ийе екени билдирилди.
Өзбекстан - Қытай экономикалық форумы шеңберинде еки мәмлекет исбилермен топарларының басшылары ҳәм ўәкиллери "В2В" форматында да сөйлесиўлер алып барды.
Қытайға сапар шеңберинде Қытайдың “China General Nuclear Power”, “Sichuan Jiuzhou Investment Holding Group”, “Xinjiang Lihua Groupˮ, Қытай Тоқымашылық өнимлери импорты ҳәм экспорты палатасы, “Shanghai Oriental Credits Industrial Development Со., Ltd”, “Longze Investment Group Co., Ltd.”, “Watchman Group PTE. Ltd”, Пекин технологиялар университети, Электротехника саўда палатасы, Қытай Былғары ассоциациясы сыяқлы бир қатар ири компаниялардың басшылары менен еки тәреплеме ушырасыўлар өткерилди ҳәм саўда-экономикалық бирге ислесиўди және де кеңейтиў мәселелери додаланды.