Кеңестиң биринши саммити АҚШ Тынышлық институтында болып өтеди ҳәм Газа секторын тиклеў ҳәм оған гуманитарлық жәрдем көрсетиў, бул регионда тынышлық ҳәм турақлылықты тәмийинлеў мәселелерине бағышланады.
Сапар етиўдиң исбилерменлик бағдарламасы шеңберинде мәмлекетимиз басшысы АҚШтың жетекши компаниялары ҳәм қаржы институтларының басшылары қатнасыўында стратегиялық жойбарларды таныстырыў ҳәм экономикалық тараўда еки тәреплеме ҳүжжетлерге қол қойыў мәресиминде қатнасыўы нәзерде тутылған.
Еслетип өтемиз, Тынышлық кеңеси АҚШ Президенти Дональд Трамптың басламасы менен дүзилген. Өзбекстан усы жылдың январь айында Швейцарияның Давос қаласында шөлкемлестириўши мәмлекет сыпатында оған қосылды.