Ушырасыў алдынан Сержио Гор АҚШ Президенти Дональд Трамптың қызғын сәлемин жеткерди.
Усы жыл 5-сентябрь күни еки мәмлекет жетекшилериниң телефон арқалы сөйлесиўинде ерисилген келисимлерди әмелге асырыў көзқарасынан Өзбекстан-АҚШ стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да беккемлеў мәселелери додаланды.
Жедел сиясий сөйлесиў, түрли дәрежедеги делегациялардың алмасыўы ҳәм исбилерменлик байланысларының пәти артып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Усы күнлерде Нью-Йорк қаласында АҚШтың жетекши компаниялары менен көплеген нәтийжели ушырасыў ҳәм илажлар өткерилди. Пуқаралық авиация, таў-кән санааты, қаржы ҳәм инновациялар, химия, энергетика ҳәм басқа да тийкарғы бағдарларда улыўма баҳасы 100 миллиард доллардан аслам болған шәртнамалар ҳәм перспективалы жойбарлар портфели қәлиплестирилди.
Жаңа жойбарларды қоллап-қуўатлаў ҳәм алға қойыў ушын АҚШ Эксимбанки ҳәм “DFC” қорының имканиятларынан пайдаланыў, оларды әмелге асырыўды жеделлестириў ушын биргеликтеги Муўапықластырыўшы комитетти шөлкемлестириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Қәўипсизлик, терроризм ҳәм нызамсыз миграцияға қарсы гүресиў тараўларындағы бирге ислесиўге айрықша итибар қаратылды.
Болажақ илажлардың режеси де көрип шығылды.