Мәмлекетимиз басшысы Вашингтон қаласына сапары даўамында Ақ үйде Президент Дональд Трамп пенен нәтийжели сөйлесиўлер өткерди және Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм АҚШ жетекшилериниң "С5+1" форматындағы саммитинде қатнасты.

Өзбекстан-АҚШ стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў, Орайлық Азия ҳәм АҚШ арасында "С5+1" форматындағы бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша келисимлерге ерисилди.

Мәмлекетимиз жетекшиси сенатор Стивен Дэйнс, конгрессменлер Кэрол Миллер, Билл Хайзинга ҳәм Сидней Камлагер-Дав пенен де ушырасты.

Өзбекстан Президенти АҚШ саўда министри Говард Латникти, Эксимбанк президенти ҳәм баслығы Жон Йовановичти, Халықаралық финанслық раўажланыў корпорациясы бас атқарыўшы директоры Бэн Блэкти, сондай-ақ, General Motors компаниясының глобаллық атқарыўшы директоры Шилпан Аминди қабыллады.

Сапар етиўдиң исбилерменлик бағдарламасы шеңберинде АҚШ бизнес жәмийетшилигиниң қатнасыўында дөгерек сәўбети болып өтти.

Ушырасыўлар ҳәм сөйлесиўлер жуўмағында еки ҳәм көп тәреплеме бир қатар ҳүжжетлер қабыл етилди.

Сапар илажлары жуўмақланғаннан соң, Өзбекстан Республикасы Президенти Ташкент қаласына жөнеп кетти.