Мәмлекетимиз басшысы Түркмен халқының миллий жетекшиси, Халық Мәсләҳәти Баслығы Гурбангули Бердимуҳамедовқа, Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедовқа ҳәм туўысқан түркмен халқына жоқары мәмлекетлик сыйлық ушын терең миннетдаршылық билдирди.
- Бул сыйлықты Өзбекстан ҳәм оның көп миллетли халқына айрықша итибар ҳәм ҳүрмет, Орайлық Азия регионында дослық, жақсы қоңсышылық, өз-ара исеним ҳәм шериклик қатнасықларын беккемлеў бағдарындағы улыўма ҳәрекетлеримиздиң тән алыныўы сыпатында қабыл етемен, -деди мәмлекетимиз басшысы.
Бай тарийхый тәжирийбе, туўысқанлық ҳәм өз-ара ҳүрмет дәстүрлерине тийкарланған Өзбекстан-Түркменстан стратегиялық шериклик қатнасықларында жоқары дәрежеге ерисилгени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Кейинги жылларда әҳмийетли экономикалық ҳәм гуманитарлық жойбарлар әмелге асырылды, өз-ара саўда көлеми ҳәм кооперация көлеми кескин артты.
Өзбекстан жетекшиси Арқадағ ҳәм регионның барлық мәмлекетлери басшылары Орайлық Азияда бирге ислесиўди алға қойыўға үлкен үлес қосып атырғанын айрықша атап өтти. Бүгин пүткил халықаралық жәмийетшилик регионаллық шериклик ҳәм өзликтиң жаңа моделин қурыўдағы улыўма жетискенликлеримизди тән алып атырғаны атап өтилди.
Сөзиниң жуўмағында мәмлекетимиз басшысы жоқары сыйлық ушын және бир мәрте миннетдаршылық билдирип, туўысқан түркмен халқын усы күнлерде өтип атырған БМШ конференциясы менен қутлықлады және усы жылдың декабрь айында Ашхабад қаласында Халықаралық тынышлық ҳәм исеним жылы шеңбериндеги глобал саммит табыслы өтиўин тиледи.