Бул мәмлекеттиң жоқары сыйлығын мәмлекетимиз басшысына Иордания Ҳошимийлер Патшалығының Патшасы Абдулла II ибн ал-Ҳусайн жеке өзи тапсырды.

- Бул сыйлықты көп қырлы бирге ислесиўди кеңейтиў бағдарындағы улыўма ҳәрекетлеримиздиң мүнәсип тән алыныўы, сондай-ақ, мәмлекетимизде Үшинши Ренессанс тийкарын жаратып атырған Өзбекстан халқына дослық қатнасық ҳәм ҳүрметтиң көриниси сыпатында үлкен қанаатланыўшылық пенен қабыл етемен, - деди Президентимиз.

Иордания Патшасының Өзбекстанға тарийхый сапары ҳәм нәтийжели сөйлесиўлер нәтийжесинде мәмлекетлеримиз арасындағы қатнасықлар жаңа шериклик дәрежесине көтерилди.

Жетекшилер сиясий, саўда-экономикалық, инвестициялық, транспорт ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўлардағы бирге ислесиўди ҳәр тәреплеме раўажландырыўға келисип алды.

Мәмлекетимиз басшысы Патша Абдулла II ибн ал-Ҳусайн Иорданияның жедел раўажланыўына, мәмлекеттиң тынышлық сүйер сыртқы сиясатын әмелге асырыўға, халықаралық жәмийетшиликтеги абырайы ҳәм тәсириниң жоқарылаўына қосқан үлесин айрықша атап өтти.

Президентимиз бул жоқары сыйлық Өзбекстан ҳәм Иордания халықлары арасындағы беккем дослықтың белгиси сыпатында мүнәсип орын ийелейтуғынын атап өтти.

Мәмлекетимиз басшысы сөзиниң жуўмағында Патша Абдулла II ибн ибн ал-Ҳусайнға сыйлық ушын және бир мәрте миннетдаршылық билдирип, Иордания халқына тынышлық-татыўлық ҳәм раўажланыў тиледи.