Сөйлесиў алдынан мәмлекетимиз басшысы Ажай Банганы банк жумысындағы раўажланып атырған мәмлекетлердиң экономикалық өсиўин қоллап-қуўатлаўға қаратылған табыслы реформалар менен қутлықлады.
Өз гезегинде, Жәҳән банки басшысы мәмлекетимизде Жаңа Өзбекстанды қурыў бойынша әмелге асырылып атырған кең көлемли өзгерислердиң нәтийжелерин жоқары баҳалады.
Жәҳән банки топары менен стратегиялық шерикликти буннан былай да кеңейтиўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.
Кейинги жыллары бул глобал финанслық институт пенен, бәринен бурын, социаллық-экономикалық реформалар шеңбериндеги тийкарғы бағдарлама ҳәм жойбарларды қоллап-қуўатлаў ҳәм алға қойыўда бирге ислесиўде жоқары дәрежеге ерисилгени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Мәмлекетимиз банктиң Европа ҳәм Орайлық Азиядағы ең ири шериклеринен бири болып есапланады. Биргеликтеги жойбарлар портфели 14 миллиард доллардан артты. Ташкентте Жәҳән банкиниң регионаллық офиси ашылды. Жақында Наманган қаласында өткен "Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай" III халықаралық форумының жуўмақлары жоқары баҳаланды.
Мәмлекетимиз басшысы әмелдеги Шериклик бағдарламасында тийкарғы итибарды турақлы өсиўди тәмийинлеўге, жойбарларды жедел, сапалы ҳәм нәтийжели әмелге асырыўға қаратыў әҳмийетли екенин атап өтти.
Кәмбағаллыққа қарсы гүресиў, ҳаял-қызлар ҳәм жаслар ушын жумыс орынларын жаратыў, жаңа "Үлгили мәҳәлле" модели тийкарында аймақларды комплексли раўажландырыў, аўыллық инфраструктура, жеке меншик сектор жойбарларын қоллап-қуўатлаўды кеңейтиў, мәмлекетлик активлерди меншиклестириў мәселелеринде экспертлик жәрдем, экономиканы карбонсызландырыў ҳәм қаржы тараўын трансформациялаў стратегиясын әмелге асырыў сыяқлы бағдарлар тийкарғы етип белгиленди.
Банктиң Орайлық Азия регионындағы стратегиялық инфраструктуралық жойбарларды алға қойыўда қатнасыўы әҳмийетли екенлиги атап өтилди.











