Бул абырайлы глобал шөлкем менен усы спорт түрин ғалаба ен жайдырыў ҳәм Өзбекстанда миллий триатлон мектебин қоллап-қуўатлаў бағдарындағы әмелий бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.

Мәмлекетимизде триатлон жедел раўажланып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Миллий федерация жумыс алып бармақта, турақлы түрде халықаралық жарыслар өткерилмекте, өзбекстанлы спортшылар континент ҳәм жәҳән рейтинглеринде өз орынларын беккемлеп бармақта.

Спортшылар, тренерлер, төрешилер ҳәм спорт менеджерлерин таярлаў, заманагөй инфраструктураны жаратыў тараўында бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў ҳәм экспертлик жәрдем бағдарламаларын әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылды.