Мәмлекетимиздиң ЖСШға ағза болыўы бағдарындағы әмелий бирге ислесиўди беккемлеўдиң әҳмийетли тәреплери көрип шығылды.
Бул халықаралық шөлкемге ағза мәмлекетлер менен сөйлесиўлер пәти қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
ЖСШ нормалары ҳәм қағыйдаларына муўапық миллий нызамшылықты, соның ишинде, техникалық жақтан тәртипке салыў ҳәм азық-аўқат қәўипсизлиги тараўындағы нызам ҳүжжетлерин үйлестириў бойынша жедел жумыслар алып барылмақта.
Усы жылдың ноябрь айында болып өтетуғын Жумысшы топардың гезектеги мәжилисиниң нәтийжелилигин тәмийинлеў, сондай-ақ, 2026-жылы сөйлесиўлерди жуўмақлаў ҳәм мәмлекетимиздиң шөлкемге қосылыўы әҳмийетли екени атап өтилди.