Малайзияның абырайлы делегациясы еки тәреплеме сөйлесиўлер өткериў ҳәм Самарқанд қаласындағы Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Мәмлекетлик хызмет бойынша форумында қатнасыў ушын рәсмий сапар менен мәмлекетимизде болып тур.
Ушырасыў алдынан Фадиллоҳ бин Юсуф мәмлекетимиз басшысына Бас министр Анвар Иброҳимниң сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.
Өзбекстан - Малайзия көп қырлы қатнасықларын усы жыл февраль айында Куала-Лумпурға әмелге асырылған жоқары дәрежедеги сапарда ерисилген келисимлер шеңберинде және де кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.
Ҳәр қыйлы дәрежелердеги байланыслар, сапарлар ҳәм алмасыўлардың жеделлескени үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Усы жылдың басынан товар алмасыў көлеми 25 процентке артты. Қоспа кәрханалардың саны ҳәм авиақатнаўлар көбейди. Ертең еки мәмлекет жетекши компанияларының қатнасыўында бизнес форумы болып өтеди.
Экономикалық бирге ислесиўде бар потенциалды жүзеге шығарыў ҳәм саўда, инновациялар, "жасыл" энергетика, нефть-газ ҳәм химия, геология, суў ресурсларын басқарыў, электроника ҳәм ярымөткизгишлер санааты, денсаўлықты сақлаў, кадрлар таярлаў, зыярат туризмин раўажландырыў ҳәм басқа да тийкарғы бағдарларда кооперациялық жойбарларды жедел алға қойыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.









