Сөйлесиў алдынан министр мәмлекетимиз басшысына Оман Султаны Ҳайсам бин Ториқ Ол Саидтиң қызғын сәлеми ҳәм хатын жеткерди.
Еки мәмлекет арасындағы өз-ара пайдалы бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў, бәринен бурын, саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық-финанслық тараўлардағы шериклик потенциалын жүзеге шығарыў мәселелери көрип шығылды.
Уйымлараралық ҳәм исбилерменлик байланысларының жеделлескени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Өз-ара товар алмасыў көлеми, биргеликтеги кәрханалардың саны артпақта, еки мәмлекеттиң жетекши компанияларының қатнасыўында бизнес илажлары турақлы өткерилмекте.
Өзбекстан-Оман инвестициялық компаниясының портфелин жаңа кооперациялық жойбарлар есабынан кеңейтиўге айрықша итибар қаратылды.
Усы жылдың апрель айында Ҳүкиметлераралық комиссияның гезектеги мәжилиси ҳәм биргеликтеги бизнес форумы өткериледи.
Буннан тысқары, парламентлераралық байланысларды, мәдений-гуманитарлық алмасыўды раўажландырыў, тиккелей авиақатнаўларды жолға қойыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Регионаллық күн тәртиби, соның ишинде, усы жылдың май айында Самарқанд қаласында өткерилетуғын "Орайлық Азия - Буғаз мәмлекетлери" сөйлесиўиниң екинши саммитине таярлық бойынша пикир алысылды.