Сөйлесиўде Жақын Шығыстағы ҳәзирги қурамалы жағдай додаланды. Жүзеге келген турақсызлық үлкен қәўетер оятып атырғаны атап өтилди.

Өзбекстан Президенти Оман аймағында жүз берген ўақыялар мүнәсибети менен терең қәўетерлениў билдирди ҳәм Өзбекстан ҳәр қандай қарама-қарсылық ҳәм келиспеўшиликлерди тек ғана сиясий-дипломатиялық ҳәм тыныш жоллар менен, сөйлесиўлер арқалы шешиўдиң исенимли тәрепдары екенин атап өтти.

Мәмлекетимиз басшысы Султанлықтың регионда қәўипсизликти тәмийинлеўде белсене дәлдалшылық ролин ҳәм избе-из ҳәрекетлерин айрықша атап өтти.

Президентимиз, сондай-ақ, Оманда болып турған Өзбекстан пуқараларының қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм оларды Ўатанға қайтарыў ушын жаратылып атырған шараятлар ушын Уллы Мәртебели Султанымызға шын жүректен миннетдаршылық билдирди.

Оман Султаны, өз гезегинде, Өзбекстан жетекшисине көрсетилген тилеклеслик ҳәм қоллап-қуўатлағаны ушын миннетдаршылық билдирип, болажақ жоқары дәрежедеги тарийхый сапардың табыслы өтиўине исеним билдирди.