Илажда, сондай-ақ, жетекши халықаралық ҳәм регионаллық спорт шөлкемлериниң басшылары ҳәм ўәкиллери, соның ишинде, Миллий олимпиада комитетлери ассоциациясының биринши вице-президенти, Қатар Мәмлекети Олимпиада комитетиниң президенти Шайх Жавон бин Ҳамад Ол Соний, Жәҳән антидопинг агентлигиниң президенти Витольд Банка, Халықаралық гимнастика федерациясының президенти Моринари Ватанабэ, Халықаралық аўыр атлетика федерациясының президенти Муҳаммад Жалуд, World Boxing шөлкеминиң президенти Геннадий Головкин, Халықаралық көклемде хоккей федерациясының президенти Муҳаммад Тайяб Икром, Азия паралимпия комитетиниң президенти Мажид Рашид, Халықаралық самбо федерациясының президенти Василий Шестаков, миллий олимпиада комитетлери ассоциациясының бас хаткери Гунилла Линдберг, сондай-ақ, Африка олимпиада комитетлери ассоциациясының президенти Мустафа Берраф.

Буннан тысқары, ассамблея жумысында арнаўлы мийманлар ҳәм рәсмий шахслар, соның ишинде, АҚШ Президентиниң арнаўлы елшиси Паоло Замполли, Россия Федерациясы спорт министри Михаил Дегтярев, Саудия Арабстаны Патшалығы спорт министри Абдулазиз бин Түркий Ол Сауд, сондай-ақ, Қатар Мәмлекети Жаслар ислери ҳәм спорт министри Шайх Ҳамад бин Халифа Ол Соний [D1] ҳәм басқалар қатнасты.

Мәмлекетимиз басшысы өзиниң шығып сөйлеген сөзинде глобал қәўип-қәтерлер күшейип баратырған шараятта спорт мәмлекетлер арасында сөйлесиў, өз-ара түсинисиў ҳәм исенимди беккемлеўдиң универсал қуралы сыпатында айрықша әҳмийетке ийе екенин атап өтти.

Өзбекстан Президенти Шайх Жавон бин Ҳамад Ол Танийди Азия Олимпиада кеңесиниң Президенти етип сайланғаны менен қутлықлап, оның жоқары профессионаллығы, бай халықаралық тәжирийбеси ҳәм тек ғана Азияда емес, ал пүткил дүньяда спорттың раўажланыўына қосқан үлкен үлесин атап өтти.

Өзбекстанның Азия Олимпиада кеңеси менен көп қырлы бирге ислесиўин раўажландырыўға айрықша итибар қаратылды. Мәмлекетимизде Кеңес Атқарыў комитетиниң 77-сессиясы табыслы өткерилгени, Орайлық Азия бойынша вице-президент етип республикамыз ўәкили сайланғаны, 2029-жылы Жаслар арасындағы Азия ойынларының өткерилиўи режелестирилип атырғаны атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы Жаңа Өзбекстанда денетәрбия ҳәм спорт тараўында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар ҳаққында да мәлимлеме берди.

"Президент олимпиадасы" комплексли жарысларының үш басқышлы системасы енгизилди, заманагөй спорт инфраструктурасы, соның ишинде, Олимпиада қалашасы жаратылды, жоқары дәрежедеги спортшыларды селекциялаў ҳәм таярлаў системасы кеңейтилмекте.

Өзбекстан спортшыларының халықаралық майдандағы жоқары нәтийжелери, соның ишинде, 2024-жылы Парижде болып өтетуғын Олимпиада ҳәм Паралимпиада ойынларында табыслы қатнасқаны, мәмлекетимизде ғалабалық спорт раўажланып атырғаны, бүгинги күнде 15 миллионнан аслам пуқараларымыз денетәрбия менен турақлы шуғылланып атырғаны атап өтилди.

Сондай-ақ, халықаралық ҳәм Азия спорт шөлкемлери Өзбекстан миллий спорт федерациялары менен 20 дан аслам келисимге қол қойғаны атап өтилди.

Атап айтқанда, Халықаралық аўыр атлетика федерациясы Ташкент ўәлаяты Бостанлық районында Акбар Жўраев атындағы аўыр атлетика клубын раўажландырыўға жәрдемлеседи, Бирлескен гүрес дүньясы регионаллық Спорт гүреслери академиясын шөлкемлестиреди, Азия волейбол конфедерациясы ҳәр бир аймақта волейбол спорт клубларын ашыўды режелестирмекте. Халықаралық хоккей федерациясының техникалық жәрдеминде бул спорт түри бойынша 2 стадион қурылады.

Өзбекстан ҳадал спорт ҳәм допингке қарсы избе-из гүресиў принциплерине садық екени тастыйықланды.

Усы мәниде, Ташкентте Орайлық Азия антидопинг шөлкемлериниң регионаллық ушырасыўы ҳәм халықаралық форум өткерилиўиниң әҳмийети атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы Жаңа Өзбекстан спорт тараўында барлық мәмлекетлер менен ҳәр тәреплеме ҳәм узақ мүддетли бирге ислесиў ушын ашық екенин атап өтип, спорт дипломатиясы ҳәм биргеликтеги басламаларды буннан былай да раўажландырыўға таяр екенин атап өтти.

Илаж жуўмағында Олимпиада ҳәрекетин раўажландырыўға қосқан айрықша үлеси ҳәм әҳмийетли спорт басламаларын алға қойғаны ушын Шайх Жован бин Ҳамад Ол Таний Өзбекстан Миллий олимпиада комитетиниң "Шон-Шараф" ордени менен сыйлықланды.