Лига ағзалары да қатнасқан ушырасыўда Өзбекстан - Япония стратегиялық шериклик қатнасықларын, соның ишинде, еки мәмлекет парламентлери арасындағы байланысларды буннан былай да кеңейтиўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.
Дослық лигасы, әсиресе, оның баслығы Таро Асоның Өзбекстан ҳәм Япония арасындағы көп қырлы бирге ислесиўди раўажландырыўға қосып атырған үлеси жоқары баҳаланды.
Парламентлераралық байланысларды буннан былай да кеңейтиў, биргеликтеги басламаларды алға қойыўда парламент "дослық топарлары"ның ролин күшейтиў әҳмийетли екени атап өтилди.
Ушырасыў жуўмағында гезектеги Парламентлераралық форумды 2026-жылы Өзбекстанда шөлкемлестириўге келисип алынды.
Өзбекстан менен дослық лигасы 2002-жылы дүзилген болып, бүгинги күнде оның 40 тан аслам ағзасы бар. Оның қурамына Японияның белгили сиясий ғайраткерлери, абырайлы депутатлары ҳәм дипломатлары киреди.








