Ушырасыў алдынан Олжас Бектенов мәмлекетимиз басшысына Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаевтың сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.

Жоқары дәрежедеги ушырасыўларда ерисилген келисимлер шеңберинде Өзбекстан-Қазақстан стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў ҳәм беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери додаланды.

Товар алмасыў турақлы артып баратырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Автосанаат, электротехника, тоқымашылық, металлургия, фармацевтика, қурылыс, аўыл хожалығы тармақларында жойбарлар табыслы әмелге асырылмақта.

Өз-ара саўданы көбейтиў ҳәм тийкарғы тармақларда, соның ишинде, аймақлар дәрежесинде санаат кооперациясының узақ мүддетли бағдарламасын қәлиплестириў бойынша еки мәмлекет ҳүкиметлери тәрепинен муўапықластырылған илажлардың көрилиўи әҳмийетли екени атап өтилди.