Бельгия пайтахтының халықаралық аэропортында мәмлекетимиз басшысын Европа Аўқамының Орайлық Азия бойынша арнаўлы ўәкили Эдуардс Стипрайс ҳәм басқа да рәсмий шахслар күтип алды.

Өзбекстан Президенти 24-октябрь күни Европа кеңесиниң Президенти Антониу Кошта ҳәм Европа комиссиясының Президенти Урсула фон дер Ляйен менен сөйлесиўлер, сондай-ақ, Бельгия Патшасы Филипп пенен ушырасыў өткереди.

Мәмлекетимиз жетекшиси Өзбекстан Республикасы ҳәм Европа Аўқамы арасында кеңейтилген шериклик ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы келисимге қол қойыў мәресиминде қатнасады.

Сапар бағдарламасында Европаның жетекши компаниялары ҳәм қаржы структуралары ўәкиллериниң қатнасыўында дөгерек сәўбети де режелестирилген.