Сапар бағдарламасына муўапық Токио қаласында Япония Императоры Нарухито, Бас министр Санаэ Такаичи, Парламент басшылары, ҳүкимет ағзалары, сиясий партиялардың ўәкиллери, сондай-ақ, Японияның жетекши университетлериниң ректорлары менен ушырасыўлар ҳәм сөйлесиўлер өткериў нәзерде тутылған.
Күн тәртибинен Өзбекстан менен Япония арасындағы стратегиялық шериклик ҳәм көп қырлы бирге ислесиў қатнасықларын буннан былай да кеңейтиў ҳәм беккемлеў мәселелери орын алған.
Исбилерменлик бағдарламасы шеңберинде Японияның ири компаниялары ҳәм қаржы институтларының басшылары қатнасыўында ушырасыўлар ҳәм илажлар өткерилиўи режелестирилген. Саўда-экономикалық бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм инвестициялық жойбарларды алға қойыў мәселелери ҳәр тәреплеме көрип шығылады. Еки тәреплеме ҳүжжетлердиң салмақлы топламы қабыл етилиўи күтилмекте.
Өзбекстан Президенти "Орайлық Азия + Япония" сөйлесиўи мәмлекет басшыларының биринши саммитинде де қатнасады, онда "жасыл" экономика ҳәм турақлы раўажланыў, өз-ара байланыслылық ҳәм регионаллық шерикликти беккемлеў, инсан ресурсларын раўажландырыў сыяқлы тийкарғы бағдарлардағы бирге ислесиў перспективалары додаланады.
Саммит жуўмағында Токио декларациясын қабыл етиў режелестирилген.








