Саудия Арабстаны компаниялары менен әмелий бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.
Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстанның "жасыл" энергетика тараўында стратегиялық инвестор болған "ACWA Power" компаниясы менен нәтийжели шериклик жедел раўажланып атырғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтти. Бүгинги күнде компания менен әмелге асырылып атырған биргеликтеги жойбарлар портфели 15 миллиард долларға жетти.
Өткен жылы декабрьде Бухара ўәлаятында ҳәр бири 500 мегаваттлы 2 самал электр станциясы тармаққа жалғанды, сондай-ақ, Самарқанд ўәлаятында улыўма қуўатлылығы 1 гигаватт болған еки қуяш станциясы ҳәм Ташкент ўәлаятында энергия сақлаў системаларын қурыў жойбарлары басланды.
"Жасыл" энергетика, инфраструктура, фармацевтика, ыссылық ҳәм суў тәмийнатын модернизациялаў, турақ жай коммуналлық хожалығы ҳәм басқа да тийкарғы бағдарлардағы жойбарларды жедел әмелге асырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Усы мәниде, усы жылы Самарқанд қаласында өткерилиўи режелестирилген Ҳүкиметлераралық комиссия мәжилиси ҳәм бизнес форумына пуқта таярлық көриў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Соның менен Президент Шавкат Мирзиёев Самарқанд саммити ҳәм ықлым форумы илажларындағы қатнасыўын жуўмақлады. Мәмлекетимиз басшысы Ташкентке жөнеп кетти.