Сөйлесиўде Жақын Шығыстағы жағдайдың кескинлесиўи ҳәм мәмлекеттиң түрли инфраструктура объектлерине берилген соққылардан қатаң қәўетерлениў билдирилди. Бундай унамсыз ҳәрекетлер халықаралық ҳуқық принциплерине қайшы екени, усы қыйын дәўирде Өзбекстан дос Кувейт халқы менен бирге екени атап өтилди.

Халықтың тынышлығы ҳәм татыўлығына үлкен қәўип туўдыратуғын ҳәр қандай ҳәрекетлер жедел тоқтатылыўы керек екенлиги атап өтилди.

Пурсаттан пайдаланып, мәмлекетимиз басшысы усы елдеги Өзбекстан пуқараларына көрсетилип атырған әмелий жәрдем ушын айрықша миннетдаршылық билдирди. Сондай-ақ, Кувейт Әмири Уллы мәртебели Мишаал ал-Аҳмад ал-Жобир ас-Сабоҳқа да қызғын сәлемин жеткерди.

Кувейт Мийрасқоры, өз гезегинде, мәмлекетимиз басшысы ҳәм халқы атынан Өзбекстан жетекшисине усы қыйын ўақытта көрсетилген дослық ҳәм тилеклеслик ушын терең миннетдаршылық билдирди.