Мәмлекетлераралық бирге ислесиўдиң дерлик барлық тараўларын қамтып алған Өзбекстан - Япония стратегиялық шериклик қатнасықларын және де тереңлестириў мәселелери ҳәр тәреплеме көрип шығылды.
Япония Бас министри мәмлекетимиз басшысын қызғын қутлықлап, бул сапар етиўди дәстүрий түрде айрықша исеним ҳәм өз-ара ҳүрмет принциплерине тийкарланған Өзбекстан - Япония қатнасықлары тарийхында әҳмийетли ўақыя, деп атады.
Япония дипломатиялық қатнасықлар орнатылғанынан берли өткен 33 жыл даўамында Өзбекстанның жақын досты, тийкарғы технологиялық ҳәм инвестициялық шериклеринен бири болып келмекте, заманагөй санаат ҳәм энергетика инфраструктурасын жаратыў, республиканың кадрлар потенциалын раўажландырыўға салмақлы үлес қоспақта.
Товар алмасыў көрсеткишлери, инвестициялар көлеми ҳәм япон капиталының қатнасыўындағы қоспа кәрханалар санының турақлы өсип баратырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Өзбекстанда энергетика, геология, туризм, инфраструктураны раўажландырыў, IТ ҳәм басқа да тийкарғы бағдарларда әҳмийетли жойбарларды әмелге асырып атырған Японияның Sojitz, Toyota Tsusho, Sumitomo, Itochu, Kyoto Plaza, Balcom, Shikoku Electric сыяқлы жетекши компаниялары табыслы жумыс алып бармақта.
Япония халықаралық бирге ислесиў агентлиги (JICA) ҳәм Япония халықаралық бирге ислесиў банки (JBIC) менен биргеликтеги жойбарлар портфели энергетика, нефть-химия, транспорт, билимлендириў, аўыл хожалығы сыяқлы тараўларды қамтып алған.
Сөйлесиўлерде бирге ислесиў форматларын, соның ишинде, парламентлердеги "дослық топарлары", экономикалық бирге ислесиў бойынша комитетлер ҳәм тийкарғы бағдарлардағы тармақлық мәжилислерди жеделлестириў әҳмийетли екени атап өтилди.
Мәмлекетимиз басшысы Япония менен стратегиялық шерикликти раўажландырыўдың бир қатар әҳмийетли бағдарларын көрсетип өтти. "Жасыл" энергетика ҳәм санаатты декарбонизациялаў, мәлимлеме технологиялары, әҳмийетли минераллар, машина қурылысында кооперация, денсаўлықты сақлаў, туризм инфраструктурасын модернизациялаў усылардың қатарына киреди.
Бул саммитке таярлық шеңберинде улыўма баҳасы 12 миллиард доллардан аслам болған кооперация жойбарларының жаңа портфели қәлиплестирилгени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Оларды алға қойыў мақсетинде биргеликтеги инвестициялық платформа жаратыў усыныс етилди.
Буннан тысқары, Самарқанд ўәлаятында Япония модели ҳәм стандартлары тийкарында арнаўлы экономикалық аймақ шөлкемлестириў режелери билдирилди.
Япониялы шериклер менен биргеликте әмелге асырылып атырған "Бир аўыл - бир өним" бағдарламасын кеңейтиў усынысы қоллап-қуўатланды.
Сондай-ақ, өз-ара саўданы көбейтиў, аймақлараралық байланысларды кеңейтиў бойынша имканиятлар ҳәм жоллар додаланды. Келеси жылы Самарқанд қаласында еки мәмлекет аймақларының биринши форумын өткериў усыныс етилди.
Гуманитарлық алмасыўларды жеделлестириўге айрықша итибар қаратылды. Билимлендириў ҳәм кадрлар таярлаў тараўы дәстүрий түрде көп қырлы қатнасықлардың тийкарғы бөлеги болып есапланады.
Мәмлекетимизде жасларымызға билим ҳәм көнликпелерин арттырыў, кейин ала бизнес жойбарларын әмелге асырыў ушын кеңнен имканиятлар берип атырған Өзбекстан - Япония инсан ресурслары орайы табыслы жумыс алып бармақта.
Өзбекстандағы 7 жоқары оқыў орнында япон тили үйренилмекте. Токио шет тиллери университетинде 10 жылдан аслам ўақыттан берли өзбек тили оқытылып келинбекте.
Ректорлар форумы кадрлар таярлаў тараўында тәжирийбе алмасыў ушын әҳмийетли майдан болып хызмет етпекте. Бүгин Японияның жетекши жоқары билимлендириў мәкемелериниң ректорлары менен ушырасыў өткерилди. Бирге ислесиў бағдарламаларын, илимий ҳәм инновациялық алмасыўларды кеңейтиў бойынша әҳмийетли келисимлерге ерисилди.
Цукуба университети менен биргеликте Ташкент қаласында биринши Өзбек-Япон университетин шөлкемлестириў режелестирилмекте.
Мәдений ҳәм туризм байланысларын кеңейтиў мақсетинде өз-ара мәденият күнлери, көргизбелер, жаслар форумлары, кинофестивалларды турақлы өткерип барыў усыныс етилди. Сапар алдынан Японияда Өзбекстан мәденияты күнлери табыслы өткерилди.
Дипломатиялық қатнасықлар орнатылғанының 35 жыллығы мүнәсибети менен 2027-жылы мәденият жыллары өткериледи.
Сөйлесиў ўақтында регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша да пикир алысылды.
Оның жуўмағында Өзбекстан Президенти ҳәм Япония Бас министри келешек әўладлар ушын кеңейтилген стратегиялық шериклик ҳаққындағы биргеликтеги билдириўге қол қойды. Бул ҳүжжет сөзсиз бирге ислесиўди жаңа басқышқа көтерип, көп қырлы бирге ислесиўди раўажландырыў ушын кең имканиятлар ашатуғыны атап өтилди.
Сапар шеңберинде билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, экология, суў ресурслары, транспорт, қала қурылысы, туризм, аўыл хожалығы, тәбийғый апатшылықлар қәўпин азайтыў тараўларындағы келисимлердиң салмақлы топламы да қабыл етилди. Усы ҳүжжетлерди алмасыў мәресими болды.











