Сөйлесиўлерде энергетика тараўында заманагөй технологиялар ҳәм инженерлик шешимлерди енгизиўге қаратылған әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм өз-ара пайдалы кооперациялық жойбарларды алға қойыў мәселелери көрип шығылды.
Қытай компанияларының Өзбекстанда жойбарларды әмелге асырыўға қызығыўшылығы артып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Тек усы жылы Қытайдан 15 миллиард доллардан аслам тиккелей инвестицияларды өзлестириў режелестирилген болып, қоспа жойбарлардың улыўма портфели дерлик 90 миллиард долларды қурайды.
Көп қырлы бирге ислесиўдиң әҳмийетли бағдары сыпатында энергетикаға айрықша итибар қаратылды. Қытайлы бирге ислесиўшилердиң қатнасыўында улыўма қуўатлылығы дерлик 10 гигаватт болған 9 миллиард доллардан аслам 30 дан аслам жойбар әмелге асырылмақта.
Бүгинги күнде қосымша түрде дерлик 2 миллиард долларлық 14 жойбар иске қосылған.
China Datang компаниясының президенти Чоу Юанлонг пенен бар фотоэлектр станцияларын кеңейтиў ҳәм жаңаларын қурыў, қосымша аккумуляция қуўатлықларын жаратыў режелери додаланды.
Компанияның кадрлар таярлаў, илимий лаборатория ашыў, агросектор ҳәм шарўашылықта қайта тиклениўши энергетика технологияларын енгизиў бағдарындағы басламалары қоллап-қуўатланды.
China Energy Engineering Corporation басшылары менен сөйлесиўде Сью Льюй мәмлекетимиз аймақларында қуяш электр станциялары ҳәм энергияны сақлаў системаларын қурыў бағдарындағы биргеликтеги жумысларға жоқары баҳа берди.
Алтернатив энергетика жойбарларын және де алға қойыў, жоқары күшлениўли тармақларды раўажландырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Sinoma Energy директорлар кеңесиниң баслығы Мэн Циньлин самал электр станциясы ҳәм самал турбиналары ушын пәтпелеклерди локализациялаў заводының қурылысы ҳаққында мағлыўмат берди. Буннан тысқары, компанияның химия ҳәм қурылыс санаатындағы өндирис шығындыларын тазалаўға хызмет ететуғын технологиялық шешимлери бойынша пикир алысылды. Бул жойбарлар бойынша жумысларды жеделлестириў зәрүрлиги атап өтилди.
Universal Energy бас директоры Нан Йие менен мәмлекетимиз аймақларында самал электр станцияларын қурыўды жеделлестириў илажлары додаланды.
China General Technology директорлар кеңесиниң баслығы Кан Хубяо менен иске қосылған когенерацион станциядан нәтийжели пайдаланыў мәселелери көрип шығылды. Компанияның Өзбекстандағы инвестициялық жумысын кеңейтиўге келисип алынды.
Мәмлекетимиз басшысы Poly Changda Engineering компаниясының бас директоры Мяо Цзечун тәрепинен жәрияланған компанияның келеси жылы иске қосылған қуяш электр станциясының логикалық даўамы болған энергия сақлаў системасын қурыў режелерин қоллап-қуўатлады.








