Бул жетекши қаржы институты менен стратегиялық шерикликти және де тереңлестириў ҳәм бирге ислесиўди кеңейтиўдиң әмелий тәреплери көрип шығылды.

Банктиң мәмлекетимиз бенен бирге ислесиўи турақлы стратегиялық характерге ийе. Өзбекстан ЕТРБның региондағы ең ири шериги болып қалмақта. Банктиң инвестициялар көлеми дерлик 7 миллиард долларды қурады.

2025-жылы операциялар көлеми, соның ишинде, жеке меншик секторды қоллап-қуўатлаў бойынша 1 миллиард доллардан артты.

ЕТРБның "жасыл" энергетиканы раўажландырыў, транспорт инфраструктурасын модернизациялаў, экологиялық бағдарламаларды әмелге асырыў, финанс базарын реформалаў ҳәм исбилерменликке жәрдемлесиўге қосып атырған үлеси жоқары баҳаланды.

Бирге ислесиўдиң усы жылға мөлшерленген тийкарғы бағдарлары, соның ишинде, жеке меншик секторды, инфраструктураны раўажландырыў, темир жол транспортын санлы трансформациялаў ҳәм басқа да мәселелер көрсетип өтилди.

Ҳаял-қызлар ҳәм жасларды заманагөй кәсип-өнер ҳәм бизнеске оқытыў бағдарламаларын даўам еттириўге айрықша итибар қаратылды.