Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Сырт ел инвесторлары кеңеси мәжилисиндеги шығып сөйлеген сөзи

    Сиясат 11 маусым 2025 1277

    Ҳүрметли мәжилис қатнасыўшылары! Ҳүрметли Одиль Рено-Бассо ханым! Сырт ел инвесторлары кеңесиниң гезектеги мәжилисинде сизлер менен ушырасып турғанымнан оғада қуўанышлыман.

    Биз кеше Халықаралық инвестициялық форумда экономикамызды буннан былай да раўажландырыў мәселелерин, стратегиялық әҳмийетке ийе болған бағдарларды ҳәр тәреплеме додаладық.

    Бүгин болса сизлер менен тәжирийбе алмасыў, анық жойбарларыңызды әмелге асырыў, жаңа баслама ҳәм усыныслар бойынша жақыннан мәсләҳәтлесемиз.

    Бундай форматтағы дослық сөйлесиўлеримиз өзиниң әмелий нәтийжелилиги, жаңа жойбарларды әмелге асырыўға қосып атырған шексиз үлеси менен айрықша ажыралып турады.

    Алдынғы ушырасыўларымыз өз нәтийжесин бере баслады. Усы жерде айырым мысалларды келтирип өтпекшимен.

    Халықаралық финанс шөлкемлери менен пүткиллей жаңаша жумыс ислеўге өтип, анық нәтийжеге қаратылған нәтийжели бирге ислесиў системасын енгиздик. Атап айтқанда, Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки өткен жылы Өзбекстанға рекорд муғдарда - 1 миллиард долларға шамалас инвестиция киргизди. Мәмлекетимиз усы банктиң региондағы ең ири шеригине айланды.

    Бундай жетискенликлеримизде Рено-Бассо ханымның үлкен үлеси бар екенин, әлбетте, жақсы билемиз ҳәм жоқары қәдирлеймиз. Және бир мәрте сизге өз миннетдаршылығымды билдиремен.

    Сондай-ақ, халықаралық финанс шөлкемлериниң жеке меншик сектор менен бирге ислесиўи кескин күшейип, олар бир қатар алдыңғы кәрханаларға тиккелей инвестициялар киргизди. Соның ишинде, бир жыл даўамында олардың жеке меншик компания ҳәм банклер менен қоспа жойбарларының көлеми 1 миллиард доллардан артты.

    Және бир бағдар. Бүгин бул ушырасыўда қатнасып атырған компаниялар "жасыл" энергетика, шығындыларды қайта ислеў, электр энергиясын сақлаў, "жасыл" водород ислеп шығарыў сыяқлы алдынғы тараўларда жаңа жойбарларды баслағанын айрықша атап өтпекшимен.

    Бул бағдарда “Acwa Power”, “Masdar”, “Linde”, “Shanghai Environment”, “Total Energies” сыяқлы жетекши компаниялар 8 миллиард доллардан аслам инвестиция киргизип, "жасыл" экономиканы раўажландырыўға үлкен үлес қоспақта.

    Санлы технологиялар тараўында да дүнья тән алған абырайлы компаниялар елимизге жедел кирип келмекте. Әсиресе, “DataVolt” компаниясы региондағы ең ири "жасыл дата орайы", “Veon” компаниясы жасалма интеллектке тийкарланған "мобиль супер-қосымша" жаратыў бойынша жойбарларды баслағаны бизди оғада қуўандырады.

    Әлбетте, бундай жойбарлар келешектиң беккем тийкары болып хызмет етеди.

    Бундай мысалларды көплеп келтириўимиз мүмкин.

    Буны сырт ел инвесторларының реформаларымызға болған жоқары исеними, ашық-айдынлық сиясатымыздың айқын мысалы, деп билемен.

    Кеңесимиз ағзалары болған Халықаралық финанс корпорациясы, “Ernst & Young”, “Dentons”, “Knauf”, “TBC” сыяқлы компаниялар миллий нызамшылықты халықаралық стандартлар тийкарында және де жетилистириў бойынша бир қатар усыныслар берди. Сизлердиң жаңа баслама ҳәм идеяларыңыз 10 нан аслам нызам, пәрман ҳәм қарарларымызда өз көринисин тапты.

    Улыўма алғанда, елимизде жумыс ислеп атырған инвесторлардың белсендилиги артып, соңғы еки жылда сырт ел капиталының қатнасыўында 5,5 мың жаңа кәрхана шөлкемлестирилди. Олардың улыўма саны 16 мыңға жетти.

    Ҳүрметли дослар!

    Биз бүгинги ушырасыўға пүткиллей басқаша таярлық көрдик. Сырт ел кәрханалары менен бирме-бир сөйлесип, билдирилген 40 тан аслам басламаларды сайлап алдық. Соның ишинде, инвесторлар салық нызамшылығының турақлылығын тәмийинлеў, тиккелей әмел ететуғын нызамларды көбейтиў, инфраструктура тараўларында жеке меншик сектордың үлесин арттырыў бойынша усыныслар берди.

    Биз олардың барлығын әлбетте есапқа аламыз ҳәм Кеңес ағзалары менен ҳәр бир усыныс үстинде қатаң ислеп атырмыз. Мәселен, 2028-жылға шекем бизнес ушын тийкарғы салық ставкалары өзгермейтуғынын жәрияладық. Усы жылы жол, транспорт, энергетика, суў, ирригация тараўларында дерлик 4,5 миллиард долларлық мәмлекетлик-жеке меншик шериклик жойбарларын басладық. Халықаралық финанслық есабатлар стандартларына өтиў ҳәм экологиялық, социаллық ҳәм корпоратив басқарыўды енгизиў бойынша нормативлик ҳуқықый ҳүжжетлер ислеп шығылмақта.

    Көп мүрәжатлар электр тармақларына жалғаныў бойынша келип түсти. Бунда, әлбетте, ең алдынғы сырт ел тәжирийбесинен пайдаланыўымыз шәрт ҳәм зәрүр. Соның ушын бул бағдарда Кеңесимиз жанында өз алдына жумысшы топар дүзип, анық механизмлерди ислеп шығыўды усыныс етемен.

    Түскен усыныслардан келип шығып, гиреў ҳаққындағы нызамшылықты жетилистириў, сырт ел компаниялары ушын профессионал кадрларды таярлаў, жергиликли компанияларда корпоратив басқарыўды жақсылаў, салық ҳәкимшилиги бойынша қосымша жумысшы топарлар шөлкемлестириледи.

    Өткен мәжилисимизде күн тәртибиндеги ең әҳмийетли бағдарлар - санластырыў, жуўапкершиликли бизнес жүргизиў ҳәм альтернатив инвестиция бойынша жумысшы топарлар дүзип алған едик. Бүгин олардың презентациялары менен танысамыз.

    Және бир әҳмийетли мәселе. Соңғы бир жылда Кеңесимиздиң жумысы кескин жеделлести. Соның менен бирге, Кеңес секретариаты тек ғана инвестиция министрлиги менен емес, ал басқа да министрликлер ҳәм уйымлар, халықаралық шөлкем ҳәм инвесторлар менен де тиккелей ислеспекте. Соның ушын Секретариаттың еркинлигин арттырып, оны өз алдына юридикалық шахс сыпатында қайта шөлкемлестирсек, мақсетке муўапық болар еди.

    Бул мәселе бойынша да сизлердиң пикирлериңизди билмекши едим.

    Әзиз дослар!

    Бүгин болып өткен нәтийжели сөйлесиўлеримизден оғада қуўанышлыман. Ашығын айтқанда, сизлерден мине усындай қызғын ҳәм әмелий пикирлерди күткен едим.

    Ҳәр бир усыныс ҳәм пикир-усыныслар толық үйренип шығылады. Ҳүкиметимиз тәрепинен өз алдына "жол картасы" қабыл етиледи.

    Және бир мәрте атап өтпекшимен: биз инвесторлар ушын ашық, еркин, турақлы ҳәм исенимли мәмлекет - Жаңа Өзбекстанды қурып атырмыз.

    Бул жолда баслаған ҳәм артқа қайтпайтуғын түрге енген реформаларымызды буннан былай да избе-из даўам еттиремиз.

    Сизлерди елимизге тек ғана инвестиция киргизиўге емес, ал табысымыз тарийхының ҳақыйқый қатнасыўшыларына, биз жаратып атырған уллы келешектиң ажыралмас бөлегине айланыўға шақырамыз.

    Биргеликтеги умтылыс ҳәм ҳәрекетлеримиз арқалы ҳәр бир жойбар нәтийжели бирге ислесиўимиздиң айқын үлгисине айланатуғынына исенемиз.

    Ҳәммеңизге бул ийгиликли жолда үлкен жетискенлик ҳәм жаңа әўметлер тилеймен.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates