Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының жетинши Мәсләҳәт ушырасыўындағы шығып сөйлеген сөзи

    Ҳүрметли мәмлекет басшылары! Ҳүрметли саммит қатнасыўшылары!

    Сизлерди Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының жетинши Мәсләҳәт ушырасыўында қызғын қутлықлайман.

    Өзбекстанға хош келдиңиз!

    Бүгин туўысқан халықларымыз ушын ҳақыйқый тарийхый күн. Биз Әзербайжан Республикасының Мәсләҳәт ушырасыўлары форматына толық ҳуқықлы қатнасыўшы сыпатында қосылыўы ҳаққында принципиаллық қарар қабыл етпектемиз.

    Бул стратегиялық қәдем улыўма тарийх, туўысқанлық, руўхый ҳәм мәдений жақынлық пенен беккем байланысқан халықларымыздың мәплерине толық жуўап береди.

    Дос Әзербайжанның қосылыўы Мәсләҳәт ушырасыўларына күшли пәт бағышлап, саўда-экономикалық, инвестициялық, мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўди кеңейтиў, сондай-ақ, турақлы раўажланыў мәселелери бойынша консолидацияласқан шешимлерди ислеп шығыў ушын жаңа имканиятлар ашатуғынына беккем исенемен.

    Тийкарында, биз Орайлық Азия ҳәм Қубла Кавказ арасында беккем көпир қурамыз, бирден-бир бирге ислесиў мәканын қәлиплестириўге жол ашамыз, бул болса, әлбетте, еки регионның стратегиялық өз-ара байланыслылығы ҳәм турақлылығын күшейтеди.

    Бул әҳмийетли қарарды қабыл еткени ушын барлық ҳүрметли кәсиплеслериме шын жүректен миннетдаршылық билдирип, Ильҳам Гейдаровичти Мәсләҳәт ушырасыўлары форматына толық ҳуқықлы қатнасыўшы сыпатында қосылғаны менен қутлықлайман.

    Бул тарийхый саммитте БМШтың Орайлық Азия ушын превентив дипломатия бойынша регионаллық орайының басшысы мырза Каха Имнадзениң қатнасып атырғанын қанаатланыўшылық пенен қабыл етемиз.

    Бүгин мине усындай көтериңки руўхта сизлер менен ҳәр тәреплеме пикир алысып, бирге ислесиўимизди буннан былай да раўажландырыў бойынша әҳмийетли қарарлар қабыл етемиз, деп исенемен.

    Ҳүрметли делегациялардың басшылары!

    Әзиз дослар!

    Биринши ушырасыўымыздан баслап өткен қысқа дәўирде биз оғада үлкен, тарийхый әҳмийетке ийе жолдан өттик.

    Ашықтан-ашық сөйлесиў ҳәм биргеликтеги жедел ҳәрекетлер себепли регионымыз ушын әҳмиетли болған бир қатар машқалалар бойынша нәтийжели шешимлер табыўға еристик.

    Аймақлық мәселелер толық тәртипке салынды, шегара пунктлери ашылды, суў-энергетика тараўында өз-ара пайдалы бирге ислесиў жолға қойылды, транспорт қатнаўлары тикленди, еллеримиз арасында жедел саўда-инвестициялық ҳәм гуманитарлық байланыслар ушын қолайлы шараятлар жаратылды.

    Бүгин Орайлық Азия - жедел раўажланыў ҳәм нәтийжели бирге ислесиў мәканы болып, алдымызда турақлы өсиў ҳәм раўажланыў ушын жаңа имканиятлар ашпақта.

    Регион жәҳән экономикасына жеделлик пенен интеграцияланбақта: оның инвестициялық тартымлылығы артып бармақта, үшинши базарларға экспорт имканиятлары кеңеймекте, транзит потенциалы артпақта.

    Өткен жылы мәмлекетлеримиз арасындағы өз-ара саўда көлеми 10,7 миллиард долларға жетти, Орайлық Азияға инвестициялардың улыўма көлеми 17 процентке артты.

    Мәмлекетлеримиз қәўипсизлик ҳәм турақлылықты тәмийинлеў, терроризм ҳәм экстремизм, трансшегаралық жынаятшылық қәўип-қәтерлерине қарсы гүресиў мәселелери бойынша системалы илажлар көрмекте.

    Бирге ислесиўди күшейтиў ҳәм улыўма раўажланыўға умтылыў халықаралық субъектликти беккемлеў ҳәм Орайлық Азияның глобаллық көлемдеги ролин арттырыўға хызмет етеди.

    "Орайлық Азия плюс" форматларындағы бирге ислесиў күшейди. Регион абырайлы халықаралық майданларда бирден-бир позиция менен шықпақта.

    Әлбетте, бизиң форматымызға Әзербайжанның қосылыўы менен регионымыздың дүнья жәмийетшилигиндеги ҳаўазы және де әҳмийетли болады.

    Ҳүрметли кәсиплеслер!

    Өзбекстанның басшылығы дәўиринде бирге ислесиўимиз потенциалын буннан былай да арттырыў мақсетинде 20 дан аслам ири илажлар өткерилди.

    Бас министрлердиң орынбасарлары дәрежесинде Аймақлараралық бирге ислесиў форумының жумысы жолға қойылды, биринши мәрте қорғаныў уйымлары басшылары, арнаўлы хызметлер басшылары, сондай-ақ, геология, санаат, аўыл хожалығы, экология ҳәм мәденият министрлериниң мәжилислери өткерилди. Ташкентте Орайлық Азия жетекши ҳаял-қызларының сөйлесиўи табыслы өткерилди.

    Булардың барлығы регионаллық шерикликтиң институционаллық тийкарлары ҳәм механизмлери системалы раўажланып атырғанынан айқын дәрек береди.

    Пурсаттан пайдаланып, ЮНЕСКО Бас конференциясының тарийхый әҳмийетке ийе 43-сессиясын биринши мәрте регионымыз - Самарқанд қаласында табыслы өткериўде көрсеткен жәрдемиңиз ушын бәршеңизге миннетдаршылық билдиремен.

    Әлбетте, бул теңсиз илаж Орайлық Азияның исенимли ҳәм әҳмийетли шерик сыпатындағы имиджин және бир мәрте тастыйықлайды.

    Ҳүрметли кәсиплеслер!

    Қыйын ҳәм алдыннан айтып болмайтуғын халықаралық сиясий процесслер шараятында аўызбиршилигимиз ҳәм бир-биримизди қоллап-қуўатлаўды беккемлеў айрықша әҳмийетке ийе.

    Бүгин регионымыз Жаңа Орайлық Азия сыпатында тарийхый тиклениў босағасында турғанымызға исенемен.

    Биз өз алдымызға бирге ислесиўимиздиң институционаллық тийкарларын және де беккемлеў, қәўипсизлик ҳәм турақлы раўажланыў қәўип-қәтерлерине муўапықластырылған жуўаплар ислеп шығыў ўазыйпасын қойғанбыз. Биз ушын ҳәзирдиң өзинде 10-20 жылдан кейин регионды қандай көриўди қәлейтуғынымызды анық түсинип алыў әҳмийетли.

    Бул бағдарда бир қатар усынысларды алға қоймақшыман.

    Бириншиден, бирге ислесиўимиздиң механизмлери ҳәм шәртнамалық-ҳуқықый тийкарларын буннан былай да жетилистириў принципиаллық әҳмийетке ийе.

    Ушырасыўларымызды регионаллық қарым-қатнастың мәсләҳәтлесиў түринен "Орайлық Азия бирге ислесиўи" стратегиялық форматына айландырыўды дәўирдиң өзи талап етпекте.

    Усы мақсетте Мәсләҳәт ушырасыўлары форматының институционаллық ҳәм шөлкемлестириўшилик тийкарларын избе-из беккемлеўди нәзерде тутатуғын Мәсләҳәт ушырасыўлары ҳаққында реже ислеп шығыў, оның айланба тийкарында жумыс алып баратуғын Секретариатын шөлкемлестириў, миллий муўапықластырыўшылардың статусын Президентлердиң арнаўлы ўәкиллерине шекем көтериўди усыныс етемиз.

    Сондай-ақ, қәдириятларымыз ҳәм халық дипломатиясы дәстүрлеримизге сүйенип, үлкен турмыслық тәжирийбеге ийе, абырайлы жәмийетлик ғайраткерлерден Ақсақаллар кеңесин шөлкемлестириўди мақсетке муўапық, деп есаплаймыз. Бул еллеримизде әўладлар арасындағы байланысты күшейтиўге, сондай-ақ, улыўма регионаллық тилеклеслик ҳәм өзине тәнликти беккемлеўге хызмет етеди, деп ойлаймыз.

    Екиншиден, саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди сапа жағынан жаңа басқышқа көтериў тийкарғы ўазыйпа болып қалады.

    Регион мәмлекетлериниң өз-ара саўда ҳәм улыўма сыртқы саўда айланысы потенциалы орта мүддетли келешекте олардың көлемин кеминде 1,5-2 есеге арттырыў имканиятын береди.

    Ҳәкимшилик тосқынлықларды сапластырыў, салық ҳәм бажыхана тәртип-қағыйдаларын әпиўайыластырыў, еркин экономикалық ҳәм санаат зоналарынан биргеликте пайдаланыў илажлары әлле қашан писип жетилискен, деп есаплайман.

    Бизиң пикиримизше, жоқарыдағы мәселелерди өз ишине алған 2035-жылға шекемги дәўирде саўда-экономикалық бирге ислесиў бойынша кең көлемли регионаллық бағдарламаны ислеп шығыў ҳәм қабыл етиў саўда көлемин сезилерли дәрежеде арттырыў ушын қолайлы шараятлар жаратады.

    Жақын келешекте Улыўма инвестициялық мәкан ҳаққындағы декларацияны қабыл етиў айрықша әҳмийетке ийе, деп есаплаймыз. Бул инвестициялық сиясатымыздың улыўма принциплерин беккемлеў, инвесторлардың ҳуқықларын ҳәр тәреплеме қорғаў, кең регионымызда бирден-бир инвестициялық орталықты қәлиплестириў ушын тийкар жаратыў имканиятын береди.

    Электрон саўда тараўындағы потенциал ҳәм жаңа имканиятлардан пайдаланыў әҳмийетли, деп есаплаймыз. Ҳәр қыйлы баҳалаўларға бола, тек ғана Орайлық Азияда оның базары жақын он жылда 150 миллиард долларға жетиўи мүмкин.

    Усы мүнәсибет пенен көзқарасларымызды үйлестириў, виртуал саўда майданларын ҳәм исенимли санлы төлем системаларын жаратыўға хызмет ететуғын Электрон коммерцияны раўажландырыў бойынша биргеликтеги илажлар бағдарламасын ислеп шығыў мақсетке муўапық.

    Үшиншиден, жоқары технологиялы регионаллық инфраструктура ҳәм транспорт-логистика потенциалын биргеликте раўажландырыў регион келешеги ушын оғада үлкен әҳмиетке ийе.

    Электр станциялары, узатыў линиялары, автомобиль ҳәм темир жоллары, шегара өткериў пунктлери, "жасыл коридорлар", оптикалық талшықлы линиялар ҳәм басқа да стратегиялық әҳмийетке ийе улыўма регионаллық жойбарларды қурыў ҳәм модернизациялаў бойынша ҳәрекетлерди бирлестириўди усыныс етемиз.

    Регионлараралық транспорт байланыслылығын беккемлеў мақсетинде "Қытай - Қырғызстан - Өзбекстан" темир жолын ҳәм Трансаўған транспорт коридорын қурыў сыяқлы жойбарларға тийкарғы әҳмийет бермектемиз.

    Регионымызды Европа мәмлекетлери менен байланыстыратуғын Транскаспий жоллары алдымызда үлкен имканиятлар ашпақта.

    Бул бағдарлардағы жумысларды муўапықластырыў ушын мәмлекетлеримиз Бас министрлериниң орынбасарлары дәрежесинде Инфраструктуралық раўажланыў бойынша кеңес шөлкемлестириўди мақсетке муўапық, деп есаплаймыз.

    Төртиншиден, регионымыздың раўажланыўы ҳәм абаданлығы регионаллық қәўипсизлик ҳәм турақлылықты тәмийинлеў бағдарындағы ҳәрекетлеримизге тиккелей байланыслы.

    Бүгин қабыл етилип атырған Регионаллық қәўипсизлик ҳәм турақлылық концепциясы және Қәўип-қәтерлер каталогы бул бағдардағы бирге ислесиўимиздиң нәтийжелилигин сезилерли дәрежеде арттырыўға хызмет ететуғынына исенемен.

    Пүткил регионның қәўипсизлиги ҳәм турақлы раўажланыўына тиккелей тәсир етип атырған Аўғанстандағы жағдай айрықша итибарға ылайық.

    Аўғанстанның инфраструктура, энергетика ҳәм транспорт тараўларындағы жойбарларымызға интеграцияланыўы улыўма регионаллық сиясаттың ажыралмас бөлеги болыўы керек, деп беккем исенемиз.

    Пурсаттан пайдаланып, жақында болып өткен "Ферғана тынышлық форумы"нда қоллап-қуўатлағаныңыз ушын айрықша миннетдаршылық билдиремен. Биз регионымызда тығыз қарым-қатнас ҳәм өз-ара исенимди беккемлеўге хызмет ететуғын бул эксперт майданын турақлы Халықаралық форумға айландырыў тәрепдарымыз.

    Бесиншиден, экология, климат ҳәм суў ресурсларының жетиспеўшилиги мәселелери бәрқулла итибарымыз орайында болыўы керек.

    Биринши Самарқанд климат форумы шеңберинде Орайлық Азияны "жасыл" раўажландырыў концепциясы таныстырылды. Бул ҳүжжетти қабыл етиўде сизлердиң қоллап-қуўатлаўыңызға исенемиз.

    Регионда суў жетиспеўшилиги күшейип баратырғаны, оның турақлы раўажланыўға унамсыз тәсирин есапқа алып, 2026-2036-жылларды Орайлық Азияда суўдан ақылға уғрас пайдаланыў бойынша әмелий ҳәрекетлер он жыллығы, деп жәриялаўды усыныс етемиз.

    Әмиўдәрья бассейниниң суў ресурсларынан биргеликте пайдаланыў бойынша регионаллық сөйлесиўге қоңсы Аўғанстанды жедел тартыў әҳмийетли, деп есаплаймыз.

    Суў ресурсларын нәтийжели басқарыў тараў кадрларын профессионал таярлаўға инвестициялар киргизбей әмелге асырылыўы мүмкин емес.

    Усы мақсетте Ташкент ирригация ҳәм аўыл хожалығын механизациялаў инженерлери институты негизинде Суў хожалығы тараўындағы регионаллық компетенциялар орайын шөлкемлестириў нийетиндемиз.

    Хабарыңыз бар, келеси жылы елимизде Жәҳән суўды үнемлеў форумын өткериўди режелестиргенбиз. Сизлердиң қоллап-қуўатлаўыңызға ҳәм белсене қатнасыўыңызға үмит етемиз.

    Ҳүрметли саммит қатнасыўшылары!

    Мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўди кеңейтиў туўысқан халықларымыздың улыўма умтылысларына толық жуўап береди.

    Регионымыз мың жыллар даўамында дүнья цивилизациясының, уллы идеялардың, мәдений ҳәм руўхый бир-бирин байытыўдың орайларынан бири болған.

    Кеше сизлер менен биргеликте Ислам цивилизациясы орайына бардық. Бул - илимий билим ҳәм идеяларды генерациялаў, изертлеўлер өткериў, улыўма мәдений-тарийхый мийрасымызды ғалаба ен жайдырыў ушын теңсиз платформа болып есапланады.

    Орай жасларымыз ушын, олардың илимий ҳәм руўхый ағартыўшылығы ушын тартымлы орынға айланады, деп исенемиз.

    Күни кеше Ташкентте биз руўхый мийрас ҳәм ағартыўшылық мәселелери бойынша биринши халықаралық конгрессти өткердик. Бундай ушырасыўлар турақлы өткерилиўи керек, деп есаплайман. Конгрессти ҳәр жылы бизиң форматымызда басшылық ететуғын мәмлекетте өткериўди усыныс етемиз.

    Усы мәниде, Өзбекстанның регионымыздың белгили илимпаз ҳәм ойшылларының глобал ағартыўшылықтың раўажланыўына қосқан үлесине бағышланған БМШ Бас Ассамблеясының Арнаўлы резолюциясын қабыл етиў ҳаққындағы басламасын қоллап-қуўатлайтуғыныңызға исенемиз.

    Сондай-ақ, Илимий изертлеўлер фондын шөлкемлестириў тәрепдарымыз. Бул мәмлекетлераралық илимий жойбарларды қаржыландырыў, академиялық жәмийетшиликти хошаметлеў, регионның интеллектуаллық потенциалын беккемлеў, мәмлекетлеримизди социаллық-экономикалық раўажландырыўдың тийкарғы ўазыйпаларын шешиўде жасалма интеллект технологияларын енгизиў бойынша имканиятларымызды кеңейтиў имканиятын береди.

    Әзиз дослар!

    Бүгин қабыл етилип атырған ҳүжжетлер ҳәм алға қойылып атырған басламаларда бәршемиз ушын ортақ болған турақлы, қәўипсиз ҳәм раўажланған Орайлық Азияны қурыў мақсети жәмленген.

    Соны айрықша атап өтпекшимен: бизиң күшимиз - аўызбиршиликте, табысқа ерисиў жолымыз - дослық ҳәм бирге ислесиўде.

    Биз тек ғана биргеликте, өз-ара ҳүрмет, аўызбиршилик ҳәм стратегиялық көзқарасқа сүйенген ҳалда ийгиликли мақсетлеримизге ерисе аламыз.

    Ҳүрметли кәсиплеслер!

    Бүгин ашық-айдынлық ҳәм исбилерменлик руўхында шығып сөйлеген сөзлериңиз, алға қойған конструктивлик идеяларыңыз ҳәм анық ҳәрекет режелериңиз ушын шын жүректен миннетдаршылық билдиремен.

    Пурсаттан пайдаланып, Өзбекстан ҳәм халқымызға, мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформаларға, сондай-ақ, басшылығымызға қаратылған жыллы сөзлери ушын бәршеңизге миннетдаршылық билдиремен.

    Әлбетте, сизлердиң барлық усынысларыңыздың әмелге асырылыўы Орайлық Азияда дослық, өз-ара исеним ҳәм ҳәр тәреплеме бирге ислесиўди беккемлеўге мүнәсип үлес қосады.

    Әзиз дослар!

    Пурсаттан пайдаланып, Түркменстан Президенти ҳүрметли Сердар Гурбангулиевич Бердимуҳамедовты 2026-жылы "Орайлық Азия ҳәм Әзербайжан" жаңа форматта өткерилетуғын мәмлекет басшыларының Мәсләҳәт ушырасыўына басшылықты қабыл етип алғаны менен қызғын қутлықлайман.

    Биз Түркменстанның болажақ басшылығы дәўириндеги ҳәрекетлерин ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға таярмыз ҳәм бул жолда үлкен табыслар тилеймиз.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates