Өзбекстан Республикасы ҳәм Корея Республикасы Президентлери көп қырлы бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў режелерин додалады

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Корея Республикасы Президенти Ли Чжэ Мён арасында телефон арқалы сөйлесиў болып өтти.

    Корея Республикасы Президенти мәмлекетимиз басшысын туўылған күни менен қызғын қутлықлап, беккем денсаўлық, бахыт-ығбал ҳәм мәмлекет басшысы сыпатындағы жумысында жаңа табыслар, Өзбекстан халқына тынышлық-парахатшылық ҳәм раўажланыў тиледи.

    Өзбекстан Президенти, өз гезегинде, Қубла Корея басшысын болып өткен Президент сайлаўындағы исенимли жеңиси менен және бир мәрте қызғын қутлықлап, белгиленген режелерди әмелге асырыўда үлкен табыслар тиледи.

    Өзбекстан - Корея айрықша стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да беккемлеў ҳәм көп қырлы бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери ҳәр тәреплеме көрип шығылды.

    Тарийхый дослық байланыслары, уқсас менталитет, дәстүр ҳәм қәдириятларға тийкарланған еки тәреплеме байланыслар избе-из раўажланып атырғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

    Кейинги жылларда өз-ара товар алмасыў көрсеткишлери ҳәм қоспа кәрханалардың саны турақлы артып бармақта. Корея компаниялары ҳәм шөлкемлериниң Өзбекстан экономикасына тиккелей инвестицияларының көлеми 8 миллиард доллардан артты.

    Корея халықаралық бирге ислесиў агентлиги ҳәм Корея Эксимбанки менен нәтийжели финанслық-техникалық бирге ислесиў даўам етпекте.

    Мәмлекет басшылары еки тәреплеме шерикликтиң жаңа күн тәртибин қәлиплестириў ҳәм жоқары дәрежедеги жедел сөйлесиўлерди даўам еттириў әҳмийетли екенин атап өтти.

    Усы мәниде, Сыртқы ислер министрлери стратегиялық қарым-қатнасы ҳәм Ҳүкиметлераралық комиссияның болажақ мәжилислерин нәтийжели өткериўге айрықша итибар қаратылды.

    Регионаллық бирге ислесиў, соның ишинде, "Орайлық Азия - Корея Республикасы" форматы шеңбериндеги мәселелер бойынша пикир алысылды.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates