Өзбекстан спортшылары Олимпиада ҳәм Паралимпия ойынларына комплексли таярланады

    Спорт 9 шілде 2025 1080

    "2028-жыл Лос-Анжелес қаласында (АҚШ) болып өтетуғын XXXIV жазғы Олимпиада ҳәм XVIII Паралимпия ойынларына Өзбекстан спорчыларын комплексли таярлаў ҳаққында"ғы Президент қарары (ПҚ-221-санлы, 08.07.2025-ж.) қабыл етилди.

    Төмендегилер Өзбекстан спортшыларын Олимпиада ҳәм Паралимпия ойынларына таярлаўдың тийкарғы мақсетлери етип белгиленди.

    Соннан:

    спорттың тийкарғы категориядағы бокс, дзюдо, таэквондо, еркин гүрес, аўыр атлетика түрлери бойынша медаллар санын арттырыў;

    спорттың раўажланып атырған категориядағы триатлон, волейбол, стол тенниси, баскетбол, заманагөй бес гүрес сыяқлы 21 түри бойынша лицензияларды қолға киргизиў;

    халықаралық спорт шөлкемлери менен бирге ислесиўди раўажландырыў.

    Сондай-ақ, Олимпиада ҳәм Паралимпиада ойынларында ерисилген нәтийжелерден келип шығып, спорт түрлери үстин, перспективалы ҳәм раўажланып атырған категорияларға ажыратылады.

    Тийкарғы, перспективалы ҳәм раўажланып атырған категориялардағы спорт түрлериниң дизими ҳәр 4 жылда Олимпия ҳәм Паралимпия ойынлары өткерилген календарь жылдың ақырына шекем қайта көрип шығылады ҳәм тастыйықланады.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates