Төмендегилер Өзбекстан спортшыларын Олимпиада ҳәм Паралимпия ойынларына таярлаўдың тийкарғы мақсетлери етип белгиленди.

Соннан:

спорттың тийкарғы категориядағы бокс, дзюдо, таэквондо, еркин гүрес, аўыр атлетика түрлери бойынша медаллар санын арттырыў;

спорттың раўажланып атырған категориядағы триатлон, волейбол, стол тенниси, баскетбол, заманагөй бес гүрес сыяқлы 21 түри бойынша лицензияларды қолға киргизиў;

халықаралық спорт шөлкемлери менен бирге ислесиўди раўажландырыў.

Сондай-ақ, Олимпиада ҳәм Паралимпиада ойынларында ерисилген нәтийжелерден келип шығып, спорт түрлери үстин, перспективалы ҳәм раўажланып атырған категорияларға ажыратылады.

Тийкарғы, перспективалы ҳәм раўажланып атырған категориялардағы спорт түрлериниң дизими ҳәр 4 жылда Олимпия ҳәм Паралимпия ойынлары өткерилген календарь жылдың ақырына шекем қайта көрип шығылады ҳәм тастыйықланады.