Өзбекстан билимлендириў системасының жетискенликлери халықаралық майданда және бир мәрте тән алынды. Ташкент қаласындағы Президент мектеби Шайх Зоид Ол Наҳаён атындағы абырайлы сыйлықтың "Глобал орта мектеплер" номинациясында жеңимпаз деп табылды.
Мектеп оқыўшылары Паҳлавон Ғуломов ҳәм Асылбек Ашрапов ҳәм олардың устазы Соҳибхон Азизовтың жаўын суўын ишимлик ушын жарамлы дәрежеге шекем қайта ислеў жойбары жеңиске еристи. Таңлаўға 156 мәмлекеттен жәми 5980 арза келип түскен еди.
Абу-Дабиде сыйлықты оқыўшыларға Бирлескен Араб Әмирликлери Президенти Шайх Муҳаммад бин Зоид Ол Наҳаён жеке өзи тапсырды.
"Жасларымыздың бул әжайып табысы бәршемизге мақтаныш бағышлайды, сондай-ақ, Президентимиз таңлаған турақлы ҳәм "жасыл" раўажланыў жолы қаншелли дурыс екенин және бир мәрте тастыйықлайды. Биз оқыўшыларымызға және де жоқары табыслар ҳәм жаңа табыслар тилеймиз", - деп жазады Өзбекстан Президентиниң жәрдемшиси Саида Мирзиёева өзиниң социаллық тармақтағы бетинде.