Бирлескен Араб Әмирликлеринде "Абу-Даби турақлы раўажланыў ҳәптелиги" халықаралық саммити болып өтпекте. Ҳәптелик шеңберинде Зайд Турақлылық Сыйлығы (Zayed Sustainability Prize) да тапсырылды.
Бул сыйлық экологиялық турақлылық ҳәм инсан абаданлығына хызмет ететуғын инновацияларды хошаметлеўге қаратылған болып, 2008-жылы БАӘ тийкарын салыўшысы Шайх Зоид бин Султан ал-Наҳайян мийрасын даўам еттириў мақсетинде шөлкемлестирилген.
Итибарлы тәрепи, Ташкент қаласындағы Президент мектеби турақлы раўажланыў бойынша Шайх Зоид Ол Наҳаён атындағы абырайлы сыйлықтың "Глобал орта мектеплер" номинациясында жеңимпаз деп табылды.
Сыйлықты Бирлескен Араб Әмирликлери Президенти Шайх Муҳаммад бин Зоид Ол Наҳаён тапсырды.
Абу-Дабидеги сыйлықлаў мәресиминде Президентимиз Шавкат Мирзиёев қатнасты. Мәмлекетимиз басшысы мектеп ўәкиллери менен ушырасып, оларды жеңис пенен қызғын қутлықлады.
Мағлыўмат орнында: бул сыйлық денсаўлықты сақлаў, билимлендириў, энергетика, суў ҳәм глобал мектеплер сыяқлы 5 бағдарда бериледи. Ҳәр бир бағдарда жеңимпазлар турақлылық жойбарлары ушын қаржылай жәрдем алады.
Улыўма фонд - 3 миллион доллар. Сыйлық миллионлаған адамлардың өмирин өзгертип, унамлы тәсир көрсеткен.
Быйыл сыйлыққа 156 мәмлекеттен 5980 жойбар арзасы келип түскен. Жеңимпаз команда 150 мың АҚШ доллары грант алады.