Өзбекстан ҳәм Финляндия жетекшилери еки тәреплеме бирге ислесиўди кеңейтиў имканиятларын додалады

    Сиясат 9 қыркүйек 2025 3385

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 9-сентябрь күни Финляндия Президенти Александр Стубб пенен телефон арқалы сөйлести.

    Өзбекстан менен Финляндия арасындағы көп қырлы бирге ислесиўди, бәринен бурын, саўда-экономикалық ҳәм гуманитарлық тараўларда және де кеңейтиў мәселелери Финляндия Президентиниң мәмлекетимизге болажақ сапарына таярлық көзқарасынан ҳәр тәреплеме көрип шығылды.

    Конструктивлик сиясий сөйлесиўлер ҳәм парламентлераралық алмасыўлар даўам етип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. 2024-жылы товар алмасыў 24 процентке артты. 2022-жылдан елимизде Финляндияның "Нордик" университети табыслы жумыс алып бармақта, мектеп билимлендириўин раўажландырыў бойынша жойбарлар әмелге асырылмақта.

    Аўыл хожалығы, химия, энергетика, кәншилик, телекоммуникация ҳәм басқа да инновациялық тармақларда кооперацияны жолға қойыў, соның ишинде, билимлендириў системасына алдынғы технологияларды енгизиў имканиятларына айрықша итибар қаратылды.

    Анық жойбарларды таярлаў ушын Ҳүкиметлераралық комиссияның мәжилисин ҳәм еки мәмлекеттиң жетекши компанияларының қатнасыўында бизнес форумын өткериў усыныс етилди.

    Халықаралық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша пикир алысылды. Тартысларды халықаралық ҳуқық нормалары тийкарында тыныш жол менен шешиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates